Ҳәзирги ўақытта демократлардан болған Джо Байденде сайлаўшы коллегиялардың 264 даўысы бар. Сайлаўшы коллегияларының 16 даўысына ийе болған Джорджия штатында 99% даўыслар есаплап шығылғанда дерлик мың дана даўыс пенен Трамп Байденнен артта бармақта.

 

Егер Джорджия 16 даўысын Байденге беретуғын болса 280 даўыс пенен Байден абсолют жеңип шығады. Жеңип шығыў ушын 270 даўыстың өзи жеткиликли.

 

Трамп Байденниң жеңип шыққанлығын тән алыўы қыйын болыўы мүмкин.

 

Мағлыўмат ушын, Дональд Трамптың сайлаў алды штабы Невада штатында бюллетеньлерди санаўда наҳақлықлар болған деп есаплап, бул бойынша штатқа қарсы судқа арза берген еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.