Коронавирус пандемиясы шараятында кафе ҳәм ресторанлар жақсы самаллатылыўы зәрүр.

Бул ҳаққында Россияның «Медицина жетекшиси» медициналық орайының бас шыпакери Евгений Тимаков айтып өтти.

Оның сөзлерине бола, жетерли дәрежеде самаллатылмаған мәкемелерде тек ғана «Covid-19» емес, ал грипп және басқа вируслардың да тарқалыў итималы әдеўир жоқары болады.

«Кеселлениў дәрежесиниң өсиўи барлық айна ҳәм есиклер жабылатуғын ўақыт – қыста басланады. Буның себеби болса вирустың қәўпи оның ҳаўадағы муғдарына емес, ал бир орында қанша ўақыт турыўына байланыслы болып есапланады»,-дейди қәниге.

Атап өтилиўинше, ҳаўа ҳәрекети инфекцияның тарқалыў қәўпин азайтады. Жедел ҳаўа айланысы менен коронавирус қәўипли болмай қалады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги