Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызмети ҳәм Беруний районы ҳәкимлиги басламасы менен райондағы бирнеше орынларға пресс-тур шөлкемлестирилди.
Дәслепки мәнзил көпшилик бөлеги Беруний районы аймағында жайласқан Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфералық резерваты болды. Биосфералық резерваттың улыўма майданы 68717,8 гектар, қорғалатуғын зонасы 11568,3 гектардан ибарат. Бул зоналар Бадай тоғай, Жумыртаў ҳәм Назархан зоналары болып есапланады.
Бул аймақ Өзбекстандағы тоғайлықлардың 75 процентин, ал Орайлық Азия тоғайлықларының 20 процентин қурайды.
Биосфералық резерваттың Бадай тоғай зонасында тийкарынан өткен әсирдиң 70-80-жылларынан берли Бухара суўыны – хангүллерди көбейтиў жолға қойылған.
Бизге мағлыўмат берилиўинше, өткен жылдың гүз мәўисиминдеги есаплаўларға қарағанда, бул жерде Бухара суўынларының бас саны 1200 ден көбейген. 2018-жылы олардың саны 973 басты қураған.
Суўынлардың саны кескин артып бармақта. Сол себепли оларды басқа зоналарға көшириў жумыслары әмелге асырылыўы жобаластырылған. Өйткени, суўынлардың оғада көп болыўы бул жердеги өсимлик дүньясының азайып кетиўине себепши болмақта.
Өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясын сақлап қалыў мақсетинде 10 километрлик суўғарыў системаларын тартыў жобаластырылмақта.
Бадай тоғайға кириў орнында жолдың арғы тәрепиндеги цемент заводы итибарымызды тартты. Бул заводтан көтерилип турған шаң ҳәм газли шығындылар қәлеймиз бе, жоқ па бәри-бир усы жердиң тәбийғый орталығына кери тәсирин тийгизери сөзсиз. Бул бүгин болмағаны менен алдағы ўақытта тәбиятқа зыян келтириўи анық. Сонлықтан, кеш болмастан буның алдын алып, тәбиятқа болған зыянын азайтыўдың илажларын көриў мақсетке муўапық болған болар еди.
Төменде сиз усы биорезерваттың Бадай тоғай зонасынан түсирилген фотоларды тамаша етиўиңиз мүмкин.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
Автордың түсирген фотолары.