«Халықтың бәнтлиги ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамы жәрияланды. Усы тийкарда 1998-жыл 1-майда қабыл етилген «Халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳаққында»ғы нызам өз күшин жойтады.

 

Жаңа нызам менен республикада жумыссызлық напақасының муғдары төмендегише көбейтиледи:

 

– жумыстан ҳәм мийнет ҳақыдан соңғы 12 айлық дәўир ишинде айрылған адамларға – алдынғы жумыс орнындағы орташа айлық мийнет ҳақының 50 проценти муғдарында, бирақ мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары (679 330 сум)нан аз болмаған муғдарда (салыстырыў ушын, әмелдегиси мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 35,2 процентинен кем болмаған муғдарда);

 

– жумыстан ҳәм мийнет ҳақыдан айрылған және узақ (12 айдан көп) тәнепистен кейин мийнет жолын қайта баслаўға ҳәрекет етип атырған адаларға – мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 1 есеси муғдарында (салыстырыў ушын, әмелдегиси мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 26,5 ҳәм 35,2 процентинен кем болмаған муғдарларда);

 

– алдын жумыс ислемеген, биринши мәрте жумыс излеп атырған адамларға – мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының кеминде 75 проценти муғдарында (салыстырыў ушын, әмелдегиси мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 26,5 проценти муғдарында).

 

Нызам рәсмий түрде дағазаланғаннан күннен баслап 3 ай өтип күшке киреди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.