Самарқанд ўәлаяты Нарпай районында 4-октябрь күни «Tacuma» маркалы автомобиль бетон тосыққа урылыўы ақыбетинде 3 адам қайтыс болды, деп хабар берди Тергеў департаменти.

 

Атап өтилиўинше, ўақыя 4-октябрь күни саат 20:30 ларда райондағы «Оқолтин» мәҳәллеси аймағынан өтетуғын «Ташкент-Нөкис» автомобиль жолында жүз берген. Машина басқарыўшысы З.Б. 42 жаста болып, Қарақалпақстанның Әмиўдәрья районында жасайтуғынлығы анықланған.

 

Хабарда жазылыўынша, З.Б. усы жолдың 96-километринде басқарыўды жоғалтып, жолды ажыратып турыўшы ортадағы бетон тосыққа урылған. ЖТҲ ақыбетинде З.Б. ҳәм 26 жаслы жолаўшы ўақыя орнында, 37 жаслы жолаўшы М.С. болса районлық медициналық бирлеспесинде қайтыс болған.

 

Сондай-ақ, автомашинада болған және еки жолаўшы 41 жаслы Х.Қ. ҳәм оның үкеси Ж.Қ. ҳәр қыйлы дәрежедеги дене жарақатларын алып, районлық медициналық бирлеспесине жатқарылған.

 

Усы жағдай бойынша Нарпай районлық ИИБ жанындағы Тергеў бөлими тәрепинен Жынаят кодексиниң 266-статьясы 3-бөлими менен жынаят иси ашылған.

 

Ҳәзирги ўақытта тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта, деп жазылған хабарда.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.