Хабарыңыз бар, Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, 2020-жылдың 31-август күнинен баслап халықаралық авиарейслер әмелге асырылып келинбекте.
2020-жылдың 1-октябрь күнинен баслап Өзбекстан Республикасына авиация, темир жол ҳәм автожол өткериў пунктлери арқалы кирип-шығыўға рухсат берилгенлиги себепли «Нөкис арқа-батыс транс» ЖШЖ тәрепинен Қазақстан Республикасы Алматы қаласына баратуғын жолаўшылар ушын билетлер сатылған еди.
Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, ҳәзирги пандемия шараятында Қазақстан Республикасы тәрепине кириўши шегара пунктлери еле ашылмаған. Сонлықтан, ҳәзирги ўақытта сатылған билет пуллары пуқараларға толық түрде қайтарып берилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.