Новосибирсктеги «Вектор» мәмлекетлик илимий орайында таярланып атырған Россияның коронавирусқа қарсы «Эпи ВакКорона» деп аталатуғын вакцинасы сентябрь айының ақырында – октябрь айының басында дизимге алыныўы мүмкин.
Бул ҳаққында Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң Ҳүкимет ағзалары менен өткерген жыйналысында Бас министрдиң орынбасары Татьяна Голикова мәлим еткен, деп жазады «Янги Ўзбекистон» басылымы.
– Сентябрь айының ақырында Россияда «Вектор» мәмлекетлик илимий орайы базасында ислеп шығарылатуғын және бир вакцинаның клиникалық сынақлары жуўмақланыўы жобаластырылған, – деп айтып өткен Голикова. – Бул вакцина өзиниң өзгешеликлеринен келип шығып «Эпи ВакКорона» деп аталған. Мен ойлайман, сентябрь айының ақыры – октябрь айының басларында бул вакцина да дизимге алынады.
Бас министрдиң орынбасары клиникалық сынақлардың биринши ҳәм екинши басқышларында емленип атырғанларда белгилер бақланбағанлығы ҳаққында да еслетип өткен.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.