Коронавирусқа қарсы гүресиў штабының ағзасы Барно Ражабованың мәлим етиўинше, ҳәзирги күнде мәмлекетимиз басшысының тапсырмасына бола вакцинаны сатып алыў ҳәм елимиз халқында қолланыў жолларын үйренип шығыў мақсетинде жетекши илимпазлар ҳәм шыпакерлерден ибарат жумысшы топар дүзилген.
Бирақ коронавирусқа қарсы вакцинаның клиникалық сынақларының барлық басқышлары жуўмақланбағанша елимиз оны сатып алалмайды.
Вакцина сынақлардың барлық басқышлары өткеннен кейин ғана халықаралық сертификатластырылады.
Ҳәзирги күнде Қытай ҳәм Россияның эпидемиологиялық ҳәм микробиологиялық миллий илимий орайларының коронавирусқа қарсы ислеп шығарылған вакциналары ҳәр тәреплеме үйренип шығылмақта.
Жумысшы топар жуўмақлары тийкарында вакцинаны алып келиў, ислетиў талаплары ҳәм мүддети белгиленеди.
М.Тошқораева
ӨзА