Экономика ҳәм қаржы министрлиги жәриялаған 2025-жыл ушын мөлшерленген Мәмлекетлик бюджети жойбарына бағышланған гезектеги «Пуқаралар ушын бюджет» мәлимлеме басылымында келеси жылы социаллық қәрежетлердиң айырым бөлими билимлендириўге қәрежетлер (47,3 процент) қурайтуғыны мәлим етилди.
Атап өтилиўинше, 2025-жылы билимлендириўге 84 трлн 332 млрд сум ажыратылыўы режелестирилген болып, 2024-жылы күтилип атырған қәрежетлерге 13 трлн 221 млрд сумға көбиректи қурайды.
Соннан:
- Мектепке шекемги билимлендириўге – 15 трлн 765 млрд сум;
- Улыўма орта билимлендириўге – 54 трлн 23 млрд сум;
- Профессионал билимлендириў ҳәм жоқары билимлендириўге – 14 трлн 545 млрд сум ажыратылыўы режелестирилген.
Соның менен бир қатарда, 2025-жыл ушын мектепке шекемги билимлендириў тараўы қәрежетлери 3-7 жаслы балаларды мектепке шекемги билимлендириў системасына қамтыў дәрежесин 80 процентке жеткериўди есапқа алған ҳалда режелестириледи, деп мәлимлеме береди хабар.уз
Қарақалпақстан хабар агентлиги