Дүньяда сондай бир инсанлар болады, оны ҳеш өлимге көзиң қыймайды. Марҳумның денеси топыраққа араласса да, сапарға кеткен сыяқлы ертең бир күн есиктен кирип келетуғындай болып түйиле береди.
Муса Ерниязов мине усындай қәдир-қымбаты бийбаҳа инсан еди.
Биз бир неше мәрте оның әдебият, мәденият тараўындағы, ески қәдириятымызды қайта тиклеў мәселесиндеги мәсләҳәтлерине қатнастық. Оның гәпти созбай не ислеў керек, не қойылыўы керек зыялылардың пикир-усынысларын тыңлап, ең изинде қысқа ҳәм тужырымлы пикирлер айтқанын, бул пикирлер зыялылар айтажақ усынысларды алдынан болжап билгендей үйлесип кеткенлериниң гүўасы болғанбыз.
Оның алдына қандай да бир өтиниш пенен кирген пуқараның нарийза болып шыққанын еситпегенбиз. Муса аға қыйын-қыстаў ўақытта дурыс шешим қабыллай алатуғын, үлкен ақыл-парасатлы, салдамлы басшы еди. Ол ҳәр бир қарақалпақстанлының арқа сүйер таўы еди.
Илаж не, усындай әжайып инсанды биз Ана жеримиздиң баўырына бердик. Аллатаала оның саўалларын жеңил етип, жәннеттен жай берген болсын.
Жулдызлар ишинде бир жулдыз сөнди,
Тынық аспаныма қара булт дөнди,
«Не әламат?!» десем бет бақпай жөнли,
Ай да булт артында қалқып баратыр.
Сөзлеўге тил келмес, кеўил ыдырап,
Кеўлимде бир елес, түс емес бирақ,
Ийесин жоғалтқан бир қайшы қулақ,
Өз жылаўын өзи тартып баратыр.
Быйыл толып ағып сай ҳәм жылғалар,
Ерте келген еди ғаз ҳәм тырналар,
Олар да сезгендей жайсыз бир хабар,
Аспанлап уша алмай, сарқып баратыр.
Тәғдир кесе тартып сум әжел тақтын,
Қызыўы қайтпаған қуяштай баттың,
Арзыў әрманлары қарақалпақтың,
Шамал шалған өрттей шалқып баратыр.
Ел сүйген инсанлар гезлесер сийрек,
Сиз деп аза тутыў елге мүсийбет,
Көкиректи өкситкен бир сезим бийлеп,
Кеўил хошым пәске тартып баратыр.
Жаны-тәнин ел исине арнаған,
Айтқан сөзи орынланбай қалмаған,
Қабақ шытып, қатты сөзге бармаған,
Бир инсан арадан кетип баратыр.
Периштеси басым, турқы айбатлы,
Жетписте де жигит еди ғайратлы,
Қайғыға көмилтип қарақалпақты,
Әжел бир суңқарды алып баратыр.
Ўақты жетпей хазан урған жемислер,
Аяқланбай қалды басланған ислер,
Омыраўға зор берип, сиз тартқан көшлер,
Изги әўладларға қалып баратыр.
Илаж не, тәғдирге шара жоқ деген,
Бенде болмас бул көпирден өтпеген,
Ким бар, сиз деп жүрек-баўрын сөтпеген?!
Жулдызлар жыламай нағып ғана тур?!
Муратбай Нызанов.
Қарақалпақстан халық жазыўшысы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги