Венгрия сыртқы экономикалық байланыслар ҳәм сыртқы ислер министри Петер Сийяртоның басшылығындағы делегация мәмлекетимизде болып, бир қатар министрликлер ҳәм уйымларда ушырасыўлар өткерди.

Дәслепки ушырасыў 16-июль күни Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигинде шөлкемлестирилди. Сөйлесиўлер ўақтында сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы, сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер шеңбериндеги Өзбекстан – Венгрия қатнасықларының перспективалары додаланды.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2019-жыл октябрь айында Баку қаласында Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңеси мәжилиси шеңберинде Венгрияның Бас министри Виктор Орбан менен өткерген ушырасыўы ўақтында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Министрлер Абдулазиз Комилов ҳәм Петер Сийярто түрли дәрежедеги болажақ илажлардың кестесин көрип шықты. Еки тәреплеме ушырасыўлардың күн тәртиби ҳәм шөлкемлестириў мәселелерин толық ислеп шығыў ушын сыртқы ислер министрликлери арасындағы мәсләҳәтлесиўлердиң гезектеги дөгерек сәўбетин өткериў зәрүрлиги атап өтилди.

Сыртқы сиясат уйымларының басшылары Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңеси ҳәм «Өзбекстан – Венгрия – Европа аўқамы» форматы шеңбериндеги Өзбекстан – Венгрия бирге ислесиўин беккемлеў мәселелери бойынша да пикир алысты.

Ушырасыў соңыңда Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги менен Венгрия Сыртқы экономикалық байланыслар ҳәм сыртқы ислер министрлиги арасында дипломатиялық таярлаў ҳәм мәлимлеме және ҳүжжетлер менен алмасыў тараўында бирге ислесиў ҳаққында Түсинисиў меморнадумына қол қойылды.

Венгрия делегациясының ағзалары Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри Сардор Умурзоқов пенен де ушырасты.

Сөйлесиў даўамында саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ушын үлкен потенциалдың бар екенлиги атап өтилди, еки тәреплеме саўда көлемин арттырыў механизмлери додаланды.

«Hilton» мийманханасында Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Венгрия аграр, азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы аймақларын раўажландырыў палатасы ҳәм Венгрия шарўалар ассоциациясының ўәкиллери арасында сөйлесиў болып өтти.

Ушырасыў даўамында дослық қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў, атап айтқанда, ветеринария ҳәм шарўашылық тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеў арқалы мәмлекетлеримизди экономикалық ҳәм социаллық жақтан раўажландырыўға үлес қосыў, бул бағдардағы өз-ара ҳәрекетлерди муўапықластырыў мәселелерине итибар қаратылды.

Сөйлесиўлердиң жуўмағына бола, тәреплер көплеген әҳмийетли бағдарларды қамтып алған Шарўашылықты раўажландырыў тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойды.

Венгрия делегациясының мәмлекетимизге сапары күн тәртибинен мәдений-гуманитарлық тараўдағы қатнасықларды раўажландырыў мәселеси де орын алған. Мийманлардың Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң басшылары менен ушырасыўы ўақтында еки мәмлекеттиң жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери арасында байланыс орнатыўға айрықша қызығыўшылық билдирди. Бул бағдардағы қатнасықларды буннан былай да кеңейтиўди нәзерде тутатуғын меморандумға қол қойылды.

Петер Сийяртоның басшылығындағы Венгрия делегациясының Өзбекстанға сапары мәмлекетлеримиз арасындағы көп жыллық дослық, өз-ара исенимге тийкарланған еки тәреплеме пайдалы байланысларды, сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериўге хызмет етеди.

 

Ғ.ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы