Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигинде Орайлық банк мәлимлеме хызметиниң басшысы Акмал Назаров журналистлердиң әҳмийетли сораўларына жуўап берди.

Сораў: Жаңа  тәртип тийкарында ипотека кредити ҳәм субсидия алыў тәртиби қандай? Егер кредитти төлеў имканияты болмаса, субсидия қайтарып төлене ме?

Жуўап: Жеңиллетилген ипотека кредити ушын 14 банк-Миллий банк, Туранбанк, Халық банки, Қишлоқ қурилиш банк, Асака банк, Алоқабанк, Өзсанаат қурылысбанк, Жипек жолы банки, Ипотека-банк, Микрокредитбанк, Агробанк, Ҳамкорбанк, Капиталбанк, Ориент финанс банктиң Қарақлапақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы аймағында жайласқан барлық филиалларына Мәмлекетлик хызметлер агентлиги ямаса бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мүрәжат етиўиңиз мүмкин.

Белгиленген мүддетлерде ипотека кредитиниң мүддетлерин созылмалы түрде төлемеў ақыбетинде бийкар етилген ипотека кредитиниң шәртнамалары бойынша өндирилетуғын қаржылар, қарыйдарға ажыратылған субсидия суммасы гиреўге қойылған турақ жайдың сатылған баҳасынан тийисли тәртипте районлық (қалалық) ғазнашылық бөлимлерине кредит ажыратқан банк тәрепинен толық муғдарда қайтарылады.

Кредит төлемлери ўақтында төлеп барылғанда болса, субсидия қаржылары қайтарып төленбейди. Бул кем тәмийинленген, турақ жай шараятларын жақсылаўға мүтәж болған шаңарақлар ушын қайтармаў принципи тийкарында берилетуғын қаржы болып есапланады.

Сораў: Кредит дем алысы менен байланыслы жеңиллик кимлерге берилмекте?

Жуўап: Кредит төлемлерин кешиктириў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар коронавирус пандемиясы нәтийжесинде исбилерменлик субъектлеринде кредитлерди қайтарыўға байланыслы унамсыз ақыбетлерди жумсартыў мақсетинде 2020-жылдың 1-окябрине шекем барлық кредит шөлкемлерине финанслық қыйыншылықларға ушыраған исбилерменлик субъектлериниң кредитлери бойынша тийкарғы қарыз төлемлерин және ақша ағымларының процент төлемлерин қаплаў ушын жетпеген жағдайда процент төлемлерин кешиктириў, мүддети өткен қарыздарлықлар кешиктирилиўинде жәрийма санкцияларын қолланбаў және өндириўди кредит тәмийнатына қаратпаў бойынша Орайлық банк тәрепинен тийисли усыныслар берилди.

Бирақ бул төлем мүддети создырылған дәўирде процентлер есапланбайды дегени емес. Кредит бойынша төлем мүддетлери кешиктирилген дәўирде де кредиттен пайдаланғаны ушын процентлердиң есапланыўы даўам етеди ҳәм кредит бойынша жуўмақлаўшы төлемлер мүддетлериниң создырылғанлығын есапқа алған ҳалда, кейинги дәўирлерде тәреплердиң келисимине тийкарланып бөлип-бөлип төленеди.

Сораў: Карантинде банк картасы арқалы үйден турып онлайн түрде микроқарыз алыў имканияты бар ма?

Жуўап: Онлайн түрде кредит алыўға талап пайда болған жағдайда, қарыйдарлар тийисли банклердиң мобиль қосымшалары арқалы онлайн микроқарызлар ҳәм кредит карталары сыяқлы банк хызметлеринен пайдаланыўы мүмкин. Оның ушын тек ғана физикалық тәреплерден кредитти қайтарыў имканиятын беретуғын турақлы мийнет ҳақысына ийе болыўы талап етиледи.

Ҳәзирги күнде бул хызмет түрлери дерлик барлық коммерциялық банклер тәрепинен берилмекте ҳәм олардың шәртлери менен банклердиң рәсмий веб-сайтларындағы, социаллық тармақлардағы бетлери және мобиль қосымшалары арқалы мәлимлеме алыў мүмкин.

 

Муҳайё Тошқораева, ӨзА