Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов видеоконференция түринде шөлкемлестирилген «Орайлық Азия – Қытай» биринши министрлер ушырасыўында қатнасты.

Илажда, сондай-ақ, Қытай Халық Республикасы сыртқы ислер министри Ван И, Қырғызстан Республикасы сыртқы ислер министри Чингиз Айдарбеков, Қазақстан Республикасы сыртқы ислер министри Мухтар Тлеуберди, Тәжикстан Республикасы сыртқы ислер министри Сирожиддин Муҳриддин ҳәм Түркменстан Министрлер Кабинети баслығының орынбасары, сыртқы ислер министри Рашид Мередов қатнасты.

Коронавирус инфекциясының алдын алыў, кеселликтиң тарқалыўын алдыннан баҳалаў ҳәм шеклеў, эпидемияға қарсы гүресиў тараўындағы бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Қытай экономикасы, санаат қуўатлықлары турақлы өсиўин тәмийинлеў механизмлери додаланды.

Трансшегаралық өзгешелик ийе эпидемиялогиялық қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бойынша әмелий илажлардың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде усы видеоконференцияда қатнасып атырған мәмлекетлердиң медицина қәнигелери ҳәм тийисли уйымлар арасында турақлы бирге ислесиўди орнатыў зәрүрлиги атап өтилди.

Ҳәзирги шараятта өз-ара саўданы қолап-қуўатлаў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, экономиканы санластырыў пәтин жеделлестириў және транспорт-транзит жолларының диверсикацияласқан системасын қәлиплестириў жолындағы ҳәрекетлерди бирлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Өзбекстан тәрепи бирге ислесиўдиң жоқарыда санап өтилген бағдарларын өз ишине алатуғын Пандемия ҳәм оның ақыбетлерине қарсы гүресиў бойынша комплексли бағдарламаны биргеликте ислеп шығыўды усыныс етти.

Абдулазиз Комилов қатнасыўшылардың итибарын турақлылықты беккемлеў және Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Қытай халықларының абаданлығын арттырыў ушын анық инновациялық, инфраструктура, транспорт-коммуникация ҳәм энергетика жойбарларын әмелге асырыў әҳмийетли екенлигине қаратты.

Сөйлесиўлерде регионналлық қәўипсизлик ҳәм турақлылықты беккемлеў, соның ишинде, Аўғанстанның социаллық-экономикалық инфраструктурасын қайта тиклеў мәселелери бойынша да пикир алысылды.

 

ӨзА