Греция пайтахты Афина қаласында Өзбекстан «Өнермент» ассоциациясы, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы басламасы менен мәмлекетемиздиң Бас консуллығы жәрдеминде Өзбекстан өнерментлери саўда үйи ашылды.

Мәресимде Греция парламенти ҳәм ҳүкимети ағзалары, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, сондай-ақ, Өзбекстанда жасап сол мәмлекетке көшип кеткен ўатанласларымыз, жәми 500 адам қатнасты.

Саўда үйи Грецияның «Craftence» компаниясы менен биргеликте Афинаның ең тығыз Каллифея районында шөлкемлестирилди. Риштон қаласындағы «Моҳи Диёр Рошидон» шаңарақлық кәрханасы саўда үйиниң шериги болып есапланады. Шәртнамаға муўапық, бул шаңарақлық кәрхана Грецияға дерлик 7 мың дана керамикалық ләген, гүзе, ваза, сувенирлер жеткерип берди.

photo_2020-07-16_19-07-53.jpg

Буннан тысқары, Өзбекстанның Афинадағы дипломатиялық ўәкилханасының жәрдеми менен www.craftence.com онлайн саўда дүканы шөлкемлестирилди. Бул дүкан арқалы өзбек өнерментшилик өнимлерин буйыртпа етиў мүмкин.

Өзбекстанның Грециядағы бас консулы Олимжон Қосимов мәмлекетимиздиң өнерментшилик көркем өнери ҳаққында илаж қатнасыўшыларына мағлыўмат берди. Ферғана ўәлаятының Риштон қаласы айрықша сырланған керамика өнимлерин ислеп шығарататуғын ең ески өнерментшилик орайларынан бири сыпатында дүньяға белгили екени атап өтилди.

Илажда Өзбекстанда халық әмелий көркем өнериниң түрлери мәмлекетимиз тәрепинен қоллап-қуўатланып атырғаны айрықша атап өтилди. Себеби, өнерментшилик талап жоқары болған өнимлерди ислеп шығарыў, адамлардың турмыс абаданлығын арттырыў ҳәм жумыс пенен тәмийинлеўде әҳмийетли роль атқарады.

photo_2020-07-16_19-07-48.jpg

Сонлықтан Президент Шавкат Мирзиёев өнерментшиликти қәстерлеп сақлап, тиклеў ҳәм раўажландырыў, өнерментлердиң дәстүрлерин келешек әўладларға жеткериў мәселелерине айрықша итибар қаратпақта.

Греция – Евроазия алянсы президенти Ксенофон Ламбракис өз сөзинде Риштонда бурынғы заманларда-ақ керамикалық буйымлар ислеп шығарыўдың айрықша технологиясы жаратылғанын, бүгинги күнде де Риштон гүлалшылығы жоқары технологиялық ҳәм көркем пазыйлетлери менен ажыралып туратуғынын атап өтти.

photo_2020-07-16_19-07-57.jpg

– Бәринен бурын, соңғы ўақытларда Греция – Өзбекстан қатнасықларында унамлы динамика бақланып атырғанлығын атап өтпекшимен. Экономика ҳәм мәденият тараўындағы байланыслар сезилерли дәрежеде жеделлести. Оның ушын Өзбекстан Саўда-санаат палатасы ҳәм «Өнермент» ассоциациясына  айрықша миннетдаршылық билдиремен. Бүгинги илаж оның айқын дәлили болып есапланады. Өзбекстан  өнерментлериниң саўда үйиндеги гүлалшылық ҳәм тоқымашылық буйымлары өз гөззаллығы менен елиңиздиң ески ҳәм бай тарийхын, бийтәкирар гөззалығын көрсеткен. Греция базарына усындай өнимлердиң экспорты қосылып атырғанлығынан қанаатланамыз. Биз Өзбекстанның усындай басламаларын қоллап-қуўатлаймыз, – дейди Греция Мәденият министрлигиниң ўәкили Павлос  Христу.

Илаж даўамында қатнасыўшылар ушын Риштон гүлалшылық өнимлериниң саўдасы шөлкемлестирилди. Бул өнимлер грециялы тутыныўшыларда үлкен қызығыўшылық оятты.

 

ӨзА