Президент Шавкат Мирзиёев 15-июль күни Ташкент ҳәм Ташкент ўәлаятында пандемияға байланыслы жағдайды додалаўға бағышланған видеоселектор мәжлисин өткерди.

Коронавирус кеселлиги елимизге кирип келгенинен берли мәмлекетимиз басшысы эпидемиологиялық жағдайды қатаң қадағалаўға алып, дерлик ҳәр бир мәжилисте бул мәселеге тоқтап өтпекте. 14-июльде болып өткен селекторда да орынларда бул бағдардағы жумыслар бойынша жуўапкер басшылардың есабы тыңланған еди. Олардың ҳәзирги қыйын жағдайды дурыс баҳалай алмай атырғаны, қәўипти түсинип жетпей атырғаны айқынласты.

-Әсиресе, пайтахт ҳәм Ташкент ўәлаятында ҳәкимлер менен секторлар басшылары исенип тапсырылған аймақлардағы ҳақыйқый жағдайды үйренбеген, деди бул ретки мәжилисте мәмлекетимиз басшысы. -Медицина мәкемелериндеги реал жағдайды билмейди. Халықты вирустан ескертиў ҳәм сақлаў, наўқасларды өз ўақтында ҳәм дурыс емлеў ушын жуўапкершиликти сезбеген.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен де, кейинги бир айда коронавирусты емлеў стратегиясы ҳәм тактикасы кескин бузылған, реал жағдайдан келип шығып, емлеў әмелияты өзгертилмеген.

Ташкент қаласында кеселликти анықлайтуғын тестлер ҳәм зәрүр медициналық қураллар жетиспей атыр. Дәриханаларда вирус ҳәм температураға қарсы препаратлардың баҳасы тийкарсыз бир неше есеге арттырып жиберилген, бул болса халық арасында көплеген наразылықларға себеп болмақта.

Ҳәзирги ўақытта Ташкент қаласы емлеўханаларында 418, Ташкент ўәлаятында болса 816 штат бирликлериниң бос турғаны министрлик ҳәм ҳәкимият тәрепинен ҳәзирги жағдай өз ҳалына таслап қойылғанынан дәрек береди.

Мәжилисте атап өтилгениндей, халық коронавирус ҳәм басқа кеселликлер бойынша қай жерге барып мүрәжат етиўди ҳәм емлениўин билмей, сергиздан болмақта. Қыстаўлы медициналық жәрдемге қоңыраў етип түсиў қыйынласып кеткен.

Вирус жуқтырғанлардың саны пайтахтта 4 мың 92 ни ҳәм Ташкент ўәлаятында 1 мың 498 ди қурамақта. Бул пүткил мәмлекет бойынша наўқаслардың 40 проценти дегени. Ташкент қаласында коронавирустан өлимшилик саны да кескин көбейип 45 ге жеткен.

Президент бундай аянышлы жағдайлар халықтың ҳақылы түрде шағым ҳәм наразылықларына себеп болып атырғанын атап өтти.

Коронавирус тарқалыўының алдын алыў ҳәм емлеў бойынша Ташкент қаласындағы жумысларды талап дәрежесинде шөлкемлестирмегени, эпидемиологиялық жағдайдың унамсыз өзгерислерине таяр болыўды тәмийинлемегени, бул кеселлик пенен «төменге түсип» ҳәр тәреплеме шуғылланбағаны ушын Денсаўлықты сақлаў министри Алишер Шодмоновқа ҳәм Ташкент қаласының ҳәкими Жаҳонгир Ортиқхўжаевқа сөгис жәрияланды. Қала ҳәм ўәлаяттың барлық сектор басшылары қатаң ескертилди.

Республикалық арнаўлы комиссияға бул еки аймақта коронавирус тарқалыўына қарсы гүресиў ҳәм емлеў жумысларына байланыслы барлық министрликлер ҳәм уйымлар, ири медицина мәкемелери басшыларынан ибарат 24 саат ислейтуғын штаблар шөлкемлестириў көрсетпеси берилди. Бул штаблар жағдайды реал ўақыт режиминде қадағалап, жүзеге келип атырған машқалаларды оператив шешиў илажларын көреди.

Сондай-ақ, пайтахт ҳәм Ташкент ўәлаятындағы поликлиникалар жанындағы мобиль топарлардың санын  үш есеге көбейтиў ўазыйпасы жүкленди.

Зангиата районында жақында жумыс баслаған емлеўханадағы орын санын және 1000 орынға көбейтиў тапсырмасы берилди.

Пайтахтымызда дәри-дәрмақ жеткерилиўин ҳәм баҳаның турақлылығын тәмийинлеў, қыстаўлы медициналық жәрдем хызмети ҳәм колл-центрлердиң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, COVID-19 бенен ислесип атырған медицина хызметкерлерин материаллық хошаметлеў, наўқаслар ушын қосымша орынлар шөлкемлестириў, сондай-ақ, карантин аймақларындағы пуқараларды үй карантинине басқышпа-басқыш өткериў мәселелери көрип шығылды, зәрүр илажлар белгиленди.

Халықтан мүрәжатлардың саны кескин көбейип атырғанын есапқа алып, колл-центрлердиң байланыс қуралларын ҳәм операторларының санын кеминде еки есеге арттырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Ташкент қаласы ҳәкимлигине кеминде 3 айлық дәри-дәрмақ  ҳәм қорғаныў қуралларының резервин қәлиплестириў ўазыйпасы қойылды.

Ҳәзирги сынаўлы жағдайда күнделикли керек товарлар ҳәм зәрүр азық-аўқат өнимлериниң жетерли болыўы, баҳаларының тийкарсыз артып кетпеўи оғада әҳмийетли. Соннан келип шығып, жуўапкерлерге бул мәселени қатаң қадағалаў бойынша көрсетпелер берилди.

Пандемияға қарсы гүресиў, карантин қағыйдаларына әмел етиў, социаллық аралықты сақлаўдың әҳмийетин халық арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў, ғалаба хабар қуралларында ҳәм социаллық тармақларда бул бағдарда исленип атырған күнделикли жумысларды әдил ҳәм оператив жарытыў зәрүрлиги атап өтилди.

Коронавирус кеселлигин емлеўге байланыслы барлық процесслерге, атап айтқанда, Ташкент қаласындағы жумысларға жуўапкерлер бириктирилди.

– Және бир мәрте атап өтемен. Ҳәзирги ўақытта пүткил дүнья, соның ишинде, биз де көринбес душпан менен шын мәнисте урыс алып барып атырмыз. Бул вирустың барлық қәўип-қәтерин дурыс баҳалап, ҳәр тәреплеме таярлық көрип гүрессек, оны әлбетте жеңемиз,-деди Шавкат Мирзиёев.

 

ӨзА