Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң питкериўшиси, Өзбекстан Жаслар аўқамы ҳәм Ислам Каримов атындағы мәмлекетлик стипендияларының ийеси Наргиза Балтабаева Қазақстанның Нурсултан қаласында өткерилген «ҒМДА еллериниң ең жақсы студенти – 2020» халықаралық таңлаўында сыйлы 1-орынды ийеледи.

Бул жойбардың мақсети – ҒМДА еллериниң жоқары оқыў орынлары студентлерин қоллап-қуўатлаў, илимниң, техниканың раўажланыўына үлес қосып атырған жасларды анықлап, оларды мүнәсип хошаметлеў болып табылады.

Усы жойбар  шеңберинде раўажланған мәмлекетлердиң ең қәбилетли, республикалық ҳәм халықаралық көлемде жоқары нәтийжелерге ерискен студентлердиң жетискенликлерин жарытып баратуғын арнаўлы «Халықаралық қәбилетли жаслар энциклопедиясы» баспадан шықты.

Таңлаў нәтийжелерине бола, Н.Балтабаеваның илимий жумыслары, қолға киргизген жетискенликлери есапқа алынған ҳалда биринши орынға мүнәсип деп табылды. Наргиза «Лучший студент СНГ – 2020» жазыўына ийе көкирек белгиси ҳәм 1-дәрежели диплом менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги