Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми Қазақстанда тарқалып атырған белгисиз пневмонияны «коронавирустың жаңа формасы» деп атады. Бул ҳаққында Deutsche Welle редакциясы хабар берген.
«Қазақстанда тарқалған белгисиз пневмония коронвирустың жаңа формасы болыўы мүмкин, оған надурыс диагноз қойылған. COVID-19 дың мәмлекетте ҳәўиж алып атырғаны бул версияны тастыйықлайды»,-деген ЖДСШ рәсмийси Майкл Райан Женевадағы брифингте.
Ҳәзирги ўақытта ЖДСШ Қазақстан ҳүкимети менен пневмонияға шалынғанлардың рентген сүўретлерин үйрениў бойынша ислемекте. Олардың жаңа пневмонияға байланысы тексерилмекте.
Сол күни ҳүкиметтиң кеңейтилген мәжилисинде президент Тоқаев пневмония менен байланыслы жағдайды айрықша жағдай деп тән алыў зәрүрлигин айтқан.
9-июль күни Қытайдың Қазақстандағы елшиханасы мәмлекетте жаңа кеселлик тарқап атырғаны себепли ескертиў менен шыққан, Қазақстан тәреп болса буны бийкарлаған еди.
Қытай елшиханасына бола, бул үш ўәлаятта 500 ге шамалас жергиликли халық аўырыўдың белгисиз түрине шалынған, олардан 30 ының жағдайы оғада аўыр. Қазақстан денсаўлықты сақлаў министрлиги аўырыўдың белгисиз көриниси ҳаққындағы хабарды бийкарлаған. Бул бойынша хабарларды ҳақыйқатқа туўры келмейди деп атаған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги