Ташкент мәмлекетлик педагогика университетинде елимизде билимлендириў мәкемелерин тәжирийбели қәнигелер менен тәмийинлеў мәселесине арналған видеосәўбет өткерилди.

Усы жоқары оқыў орнының Тәбийғый пәнлер факультети тәрепинен «Заманагөй кадрлар – тәбийғый пәнлер раўажланыўының шешиўши факторы» атамасында өткерилген илажды университет ректоры А.Умаров басқарып барды.

Илаж даўамында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри А.Аяпов республикамызда билимлендириў мәкемелериндеги кадрларға болған талап туўралы мағлыўмат берип, талапты қанаатландырыў жоллары ҳаққында өз пикир-усынысларын билдирди.

2019-жыл 3-майда Президентимиздиң «Қәбилетли жасларды анықлаў ҳәм жоқары тәжирийбели кадрлар таярлаўдың үзиликсиз системасын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, Халық билимлендириў министрлиги қурамында Пән олимпиадалары бойынша қәбилетли оқыўшылар менен ислесиў департаменти шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, заманагөй билим ҳәм жоқары руўхый-әдеп-икрамлылық пазыйлетлерге ийе, еркин пикирлейуғын, тәжирийбели кадрлар таярлаў процесин сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў мақсетинде 2019-жыл 8-октябрде Президентимиздиң «Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Видеосәўбет даўамында усы қарарлардың орынланыўын тәмийинлеў илажлары, исленген жумыслар ҳәм алдағы ўазыйпалар кеңнен додаланып, пикир-усыныслар билдирилди.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы