Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары және тийисли шөлкемлерден дүзилген жумысшы топар ағзалары Елликқала районында болды.

Жумысшы топар ағзалары бул жерде халықтың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын жақсылаў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалаларды шешиў бойынша 4 сектор тәрепинен әмелге асырылып атырған жумысларды үйренди.

Дәслеп жумысшы топар райондағы “Boston Mega Tekstil” ҳәм “Boston Optimal Tekstil” ЖШЖ жумыслары менен танысты.

– 2018-жылдың май айынан баслап өз жумысын баслаған кәрханада тийкарынан ийирилген жип ҳәм жинси материаллары ислеп шығарылады,-дейди кәрхана баслығы, районлық кеңес депутаты Ж.Жаббаров. – Өнимлер сырт еллерге  де экспортқа шығарылмақта.

Кәрханада 350 адам жумыс ислейди.  Олардың 60-70 проценти жаслардан ибарат. Кәрхана ҳәзирги ўақытта да карантин қағыйдаларына муўапық тоқтаўсыз түрде ислеп турыпты.

Кәрхана жанындағы “Boston Optimal Tekstil”   ЖШЖ быйыл жумыс баслады. Онда жумсақ сүлги ислеп шығарылады. Жумыс ислейтуғын 250 жумысшының 60 процентин жаслар қурайды.

Жумысшы топар ўәкиллери кәрханада ислеп шығарылып атырған өнимлердиң сапасы, экспорт көлеми ҳәм өтимлилиги менен танысып, пандемияға байланыслы Президентимиз тәрепинен қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлардың әҳмийети, исбилерменлер ушын жаратылған қолайлықлар туўралы мағлыўматлар берди.

Жумысшы топар райондағы «Қырқ қыз» аўылында да болып,  исбилерменлердиң мүрәжатларын ҳәм пикир-усынысларын тыңлады. Машқалалары үйренилип, шешими бойынша тийисли илажлар белгилеп алынды. Райондағы 4 сектор тәрепинен алып барылып атырған жумыслар үйренилди.

 

        Қарақалпақстан хабар агентлиги