Қуяш нурлары астында турып қалған автомобильдеги ыссы ҳаўа температурасы 55-60 градусқа шекем көтерилип, аўыр ақыбетлерге алып келиўи мүмкин. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ ЖҲҚББ хабар берди.
Қуяш нуры тәсиринде автомобильдиң иши ҳәм сыртындағы ҳаўаның температурасы төмендегише болады:
Ўақыт – Сыртта – Иште
0 минут +27 градус +27 градус
10 минут +27 градус +37 градус
20 минут +27 градус +43 градус
30 минут +27 градус +46 градус
40 минут +27 градус +48 градус
50 минут +27 градус +49 градус
60 минут +27 градус +51 градус
Қуяш нурларынан пайда болған ыссылық автомобильдиң ишинде оғада тез топланады.
Ҳәзирги ўақытта ҳаўа температурасының жоқары екенлиги себепли транспорт қуралын саялы ҳәм салқын жерлерге қойыў усыныс етиледи.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.