Өзбекстан ерик жетистириў бойынша жер жүзилик жетекшилерден бирине айланбақта. Бул ҳаққында «Өзбеказықаўқатхолдинг» компаниясының мәлимлеме хызмети мәлим еткен.

Халықаралық рейтинглерге бола, Өзбекстан 2001-жылдан дүньяның ерик жетистириўшилери күшли онлығына кирген, 2004-2007-жыллар аралығында елимиз 300 000 тонна ерик жетистирген ҳалда күшли үшликтен орын алған. 2014-жылға келип Өзбекстан ерик жетистириў бойынша дүнья жетекшисине айланған ҳәм ҳәзирги күнге шекем Түркия менен бул бағдарда бәсекилесип келмекте.

Мәмлекетлик статистика комитетиниң  2020-жыл 1-июнь ҳалатына бола, экспорт етилген ерик өними бойынша мағлыўматында жәми  11,2 мың тонна 10,9 миллион АҚШ долларына тең болған ерик мийўеси  9 сырт елдиң базарынан орын алған. Бул мәмлекетлер арасында Қазақстан 6 мың тонна, Россия 3,6 мың тонна, Қырғыз Республикасы 1,2 мың тонна жүк пенен жоқары үлеске ийе болды. Сондай-ақ, усы жылы ерик мийўеси Әзербайжан, Грузия ҳәм Түркменстан мәмлекетлериниң базарларында да сатыла баслағанын көриў мүмкин.

Еслетип өтемиз, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда ерик мийўесиниң экспорты 1,3 тоннаға артқан.

 

ӨзА