Мәлим болыўынша, COVID-19 вирусы бул кеселликти басынан өткерген адамлардың өкпесине аўыр зыян жеткереди екен. Бундай қәўип нелерден ибарат екени ҳәм зыянланған өкпени қалайынша тиклеў мүмкин екенлиги ҳаққында россиялы белгили шыпакер Александр Карабиненко өз пикирлерин билдирди.
COVID-19 коронавирусы инсанның дем алыў системасының жумысын қыйынластыратуғын, өкпени жарақатлайтуғын аўырыў болып есапланады. Ҳәзир жер жүзинде бул вирусқа шалынғаны анықланғанлар саны 7 миллионнан асып кетти, олардан 3 миллионы тәўир болды. Тилекке қарсы, саўалған наўқасларда басқа түрли машқалалар пайда болып атыр»,-дейди Н.И.Пирогов атындағы Россия Миллий медициналық изертлеў университетиниң профессоры, Хызмет көрсеткен шыпакер, пульмонолог Александр Карабиненко.
«Коронавирус инфекциясын жеңип өткен өкпеде, пневмонияның аўыр түри, өкпениң созылмалы обструктив кеселлиги тез-тез тутыўы, интерстициал қәстеликлер сыяқлы басқа да кеселликлерден соң жүз бергениндей фиброз өзгерислер бақланады. Бундай наўқасларда узақ ўақыт тиклениўди талап ететуғын системалы өзгерислер болады»,-дейди қәниге.
Өкпениң «COVID-19 »дан кейинги тиклениў процеси 2009-жылы бақланған глобал пандемия – N1H1 гриппиниң белгилерине уқсап кетеди. Карабиненко адамлар сол дәўирде қандай өзлерине келгени ҳәм буны ҳәзир қандай әмелге асырыў мүмкин екенлиги ҳаққында да мәсләҳәт берди.
«Дем алыў гимнастикасы ҳәм қуўатландырыўшы режим бийкар етилмейди. Бундай шынығыўларды COVID-19 дан тәўир болғанлар зыян еткен органды системалы түрде тиклеў ушын қолланыўы мүмкин, тек ғана буны ҳәр ким өзиниң физикалық имканиятынан келип шығып орынлаўы тийис. Жағдайды қалайынша жақсылаў мүмкин? Буның ушын тек ғана белгили ўақыт керек. Мәселен, N1H1 шошқа гриппинен кейинги фиброз жарақатлардың питиўи ушын бир ярым еки жыл талап етилген. Айырымларда болса өкпе жумысы елеге шекем толық тикленбеген»,-деп қосымша еткен пульмонолог.
ӨзА