Таиландтың Самуй атаўында жойтылып қалған украиналы журналист Ольга Фролованың жансыз денеси шеңгелзарлықтан табылды. Бул ҳаққында «24 канал» хабар бермекте.

Pattaya Now порталының жазыўынша 7-июнь күни екшембиде атаўдағы мийманхана хызметкери полицияға сырт ел пуқарасының жансыз денесин таўып алғанын билдирген. Оның айтыўынша, шеңгелзар арқалы киятырғанда пальма жапырақлары астында биреўдиң денесин көрип қалған.

Полицияшылар дене 25-майда жойтылып қалған 32 жаслы украиналы Ольга Фролова екенин анықлаған. Денени тастыйықлаў ушын шақырылған журналисттиң күйеўи Дмитрий Фролов Ольганың рюкзагында  iPhone ҳәм ноутбук жойтылғанын мәлим етти.

Pattaya Now порталының жазыўынша, Ольганың өлиминиң себеплери еле анықланған жоқ.

 

ӨзА