Өзбекистан Республикасы Бас Прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикалық басқармасы Елликқала районлық бөлими хызметкерлери үлкен саўап иске қол урды. Өзбекистан Республикасы Конституциясының 25 жыллық байрамы мүнәсибети менен район прокуратурасы ўәкиллериниң қатнасында райондағы «Наўайы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 12 кем тәмийинленген ҳәм үйлеринде наўқасы бар шаңараққа улыўма баҳасы 700 мың сумлық алты түрдеги азық-аўқат өнимлерин инам етти.

Бундай қайырқомлық жәрдемнен кеўиллери толып тасқан шаңарақ ағзалары Елбасшымызға, Ҳүкиметимизге ҳәм Мәжбүрий орынлаў бюросы районлық бөлими хызметкерлерине шексиз миннетдаршылық сезимлерин билдирди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги