Азия ойынлары бағдарламасыны киргизилген миллий гүрес түри бүгинги күни жәҳән спорт майданында да өзиниң ылайықлы орнына ийе болмақта.
7-декабрь күни Нөкис темир жол вокзалында усы жылдың 30-ноябринен 4-декабрь аралығында Түркия мәмлекетиниң Стамбул қаласында миллий гүрес бойынша XI жәҳән чемпионатының 2-орын жеңимпазы қарақалпақстанлы палўан қызымыз Амангүл Алланазарованы салтанатлы түрде күтип алыў мәресими өткерилди.
Жәҳән чемпионатына дүньяның 50ге шамалас мәмлекетлеринен ең күшли палўанлар 15 салмақ категориясы бойынша гилемге түсип, өз-ара беллести.
Бул Жәҳән чемпионатына гүрес Ўатаны есапланған Өзбекистан сайланды командасы мүнәсип қатнасып, беллесиўлер жуўмағында 10 алтын, 6 гүмис ҳәм 5 қола медалын жеңип алып, улыўма командалық сапта биринши орынды ийеледи.
– Қарсыласларым түркиялы, соңынан қубла африкалы ҳәм түркменстанлы палўанлар үстинен жеңиске ерисип, финал басқышқа шықтым, бирақ шешиўши ушырысыўда азғана әўмет жетиспеди, гүмис медалына миясар болдым, – дейди Амангүл Алланазарова.
Сондай-ақ, халықаралық дәрежедеги төрешимиз Нөкисбай Дәнияров та төреши сыпатында қатнасып дүньяның ең күшли палўанларын анықлаўға өз үлесин қосты.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Денетәрбия ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитети баслығы Ғ.Байниязов қатнасып, палўан қызымызды ерискен жетискенлиги менен қутлықлады ҳәм келешекте буннан да жоқары табысларға ерисиўине тилеклеслик билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги