Япония полициясы жаңадан пайда болған «корона-алдаўшылық» жынаятының көрсеткишин есаплаўға киристи. «Никкей» газетасының жазыўынша, бул жынаятшылық шама менен 40,28 миллион иенге (400 мың доллар әтирапында) баҳаланбақта.

Японияның 47 префектурасынан 17 синде ҳуқық  қорғаўшылар жаңа жынаят түриниң тарқалыўын атап өтпекте. Бул жынаят белгили дәрежеде коронавирусқа байланыслы болып шықпақта.

Март айының басынан май айының ақырына шекем 45 соған уқсас жынаят болған. Айырым жағдайларда жынаятшылар «корона», «нықап» ҳәм басқа сөзлерди пайдаланған. Жынаятшылардың алдаўшылық жолы менен ҳүкимет бөлистирген адам басына 100 мың иеналық (шама менен 930 доллар) жәрдем пулын қолға киргизиўге урыныў жағдайлары көбейген. Мәселен, олар үлкен жастағыларға жәрдем пулын рәсмийлестирип бериў бәнесинде олардың банк карточкаларын қолға киргизбекте, делинеди бул хабарда.

 

ӨзА