Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында бүгин, 27-май күни «Түркий халықлары фольклоры ҳәм әдебияты тарийхы изертлениўиниң әҳмийетли мәселелери» атамасында онлайн халықаралық илимий-теориялық конференция болып өтти. Конференцияны институт проректоры П.Калханов ашты ҳәм қатнасыўшыларға институт ректорының қутлықлаўын оқып жеткерди. Бул ҳаққында институт баспасөз хызмети хабар берди.

Илажға елимиздеги бирқатар жоқары оқыў орынларының илимпазлары ҳәм профессор-оқытыўшылары менен бирге Қазақстан, Башқуртстан, Татарстан ҳәмде Түркия мәмлекетлериниң абыройлы университетлеринен де илимпазлар қатнасты.


— Бүгинги өткерилип атырған халықаралық онлайн илимий-теориялық конференцияға түркий тиллес туўысқан халық ўәкиллериниң де қатнасып атырғаны биз ушын үлкен қуўаныш. Дүнья жүзин коронавирус пандемиясы үлкен қәўетерге салып, социаллық қатнасықларды үзгени менен бир-биримизге болған ыссы ықласларымызды алыслатқаны жоқ. Түркий халықлар арасында қатнасықлар раўажланып атырған бир дәўирде әдебий байланысларымыз да беккемленбекте. Бул әдебий байланысларымызды еле де раўажландырыўымыз зәрүр, — дейди институттың қарақалпақ әдебияты кафедрасы баслығы, профессор Кеңесбай Алламбергенов.


Өткерилген конференцияның пленарлық мәжилисинде сырт елли мийманлардан Қазақстан Республикасы, Нурсултан қаласы Л.Н.Гумилев атындағы Евразия миллий университети профессоры, филология илимлери докторы Рақымжан Турысбек, Қазан Федераль университети профессоры, филология илимлери докторы Лейла Мингазова, Башқуртстан Илимлер академиясы илимий хызметкери, филология илимлери кандидаты М.Валиева, Стамбул университети доценти, өзбек тили пәни оқытыўшысы Рейла Қашғарлылар өз баянатлары менен қатнасты.
Илаж басқа да қатнасыўшылардың баянатлары менен даўам етти.

Илимий-теориялық конференцияның секциялық сессиялары 28-май күни даўам етеди.