Мәмлекетлик тест орайы социаллық тармақлардағы айрым каналларда тарқатылып атырған ҳәм абитуриентлер тәрепинен берилип атырған сораўларға жуўапларын жәриялады.

 

Сораў: Әдебият пәнинен мектеп сабақлықларынан тысқары тест дүзилетуғын қосымша әдебиятлар дизими де жәрияланған еди. Егер сораўлар әпиўайыластырылатуғын болса усы китаплардан сораўлар түсе ме?

 

Жуўап: Жоқары оқыў орынларының бакалавриатына кириў тест сынақларында «Ана тили ҳәм әдебияты» пәни блогы бойынша көркем шығармалардан тест дүзиледи. Бундай тест сораўлары сабақлықларда келтирип өтилген үзиндилерден емес, ал шығарманың толық тексти бойынша қәлиплестириледи.

 

Сораў: Математика пәнинен информатиканы алып таслаған еди. Быйыл және қосылады деген хабарлар тарқалды. Бул анық па?

 

Жуўап: Бул надурыс мағлыўмат. Кириў тест сынақлары ушын сораўларды қәлиплестириўде математика пәнине байланыслы сораўлардың қурамында информатика пәнинен тест сораўлары болмайды. Бул тәртип өзгермеген. Бирақ, бул тек ғана мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының бакалавриат билимлендириў бағдарларына кириў тест сынақларында қолланылыўы белгиленген.

 

Сораў: «IELTS Indicator» имтихан нәтийжелери жергиликли жоқары оқыў орынларына өте ме?

 

Жуўап: Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 13-майдағы 395-санлы қарарына муўапық, миллий ямаса халықаралық тилди билиў дәрежеси ҳаққындағы сертификаты болған абитуриентлерге сол шет тилинен максимал балл бериў белгиленген. Бул қарарда «IELTS Indicator» сертификаты көрсетилмеген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.