Автосанаат қәнигелери өткен жылдың ең исенимли автомобильлерин анықлады.

Изертлеў нәтийжелерине бола төртинши әўлад Toyota RAV4 автомобили биринши орынды ийеледи.

Қәнигелердиң пикирине бола, бул модель дүнья жүзиндеги ең ири автомобиль базарларында турақлы талапқа ийе болып, исенимли ҳәм әпиўайы, тәбийғый түрде ислейтуғын двигатели, исенимли бояў жумыслары сондай-ақ, сапалы ҳәм кепилленген хызмети оның абзаллықларын көрсетеди.

Екинши орында 2,0 литрли 144 ат күшине ийе двигатель ҳәм алты басқышлы қол узатпасы менен үскенеленген Nissan Qashqai ийеледи.

Изертлеўшилердиң пикирине бола, двигатели 400 мың километрден көбирек аралықты басып өтиўи мүмкин болған бул марқадағы автомобиль ийелери басқаларға қарағанда азырақ ислемей қалыўға байланыслы машқалаларға дус келген.

Аўысық бөлеклер ҳәм жыйналыўлардың әпиўайылылығы ҳәм исенимлилиги менен көпшиликке қолайлы келген Renault Duster автомобили болса ҳүрметли үшинши орынды ийеледи.

Атап өтилиўинше, дерлик машқаласыз жумыс ислейтуғын бул марка алдынғы япон маркалары сыяқлы кеминде 400 мың километрди басып өте алады.

Төртинши орынды 2,0 литрли 150 ат күшине ийе тәбийғый қол узатыў двигателине ийе Қубла Кореяның Hyundai Tucson автомобили ийеледи.

2,0 литрли 146 ат күшине ийе бензинли двигатель ҳәм қол узатпа менен үскенеленген Mitsubishi Outlander өткен жылдың ең исенимли машиналары дизимине жуўмақ жасады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги