Қарақалпақстан Республикасынан жазаны өтеў орынларында жаза мүддетин өтеп атырған ҳәм қылмысына шын кеўилден пушайман болып, дүзелиў жолына исенимли түрде өткен 10 пуқара әпиў етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, Президентимиздиң «Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли түрде өткен бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында»ғы пәрманы  тийкарында әпиў етилген шахслардың биреўи тийкарғы жазадан азат етилди, төртеўи жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилди, бесеўиниң болса, тайынланған еркинен айырыў жазасының мүддетлери екиден бир бөлегине қысқартылды.

– Сақаўат ҳәм мүриўбет айы, мүбәрек Рамазан әййямы быйыл маған қос қуўаныш алып келди, -дейди И.Султанов. –Россия Федерациясында ислеп жүргенимде жаслық етип, билип-билмей жынаят жолына кирип қалдым. Буннан жүдә пушайманман. Пәрман менен байрам алдында үйге, шаңарағым қушағына қайттым. Буның ушын Президентимизге миннетдаршылық билдиремен.

Әпиў етилген шахслардың шаңарағы ҳәм туўысқанларының жанына қайтыўы олардың келешекте социаллық турмысқа бейимлесип, пайдалы мийнет пенен шуғылланыўы, саламат турмыс тәризин жолға қойып, жәмийетте мүнәсип орын табыўы ушын үмит бағышлады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги