Усы жылдың 25-май күни саат 10:00 деги мағлыўматларға қарағанда, Қарақалпақстанда коронавирус инфекциясына шалыныў менен байланыслы жаңадан 4 жағдай анықланған. Бул ҳаққында ҚР ДСМ хабар берди.

 

Олардан 3 адам жүк тасыўшы автомобиль басқарыўшылары болып, олардың биреўи басқа ўәлаяттан, ал екеўи Украина пуқаралары болып табылады. Сондай-ақ, шегара бажыхана посты қәнигесинде де усы инфекция анықланған.

 

Мағлыўматта келтирилиўинше, ҳәзирги ўақытқа шекем Қарақалпақстанда усы инфекция менен наўқасланыў бойынша 131 жағдай анықланған.

 

Соның менен бирге, министрлик бүгин – 25-май күни Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында емленип атырған наўқаслардан және 4 адам кеселликтен пүткиллей саўалып, тийисли жуўапкерлер қатнасыўында реабилитацияға жиберилгенлигин мәлим етти.

Соның менен, Қарақалпақстанда бул кеселликтен улыўма саўалыў көрсеткиши 122 ге жетти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.