7-декабрь күни Өзбекистан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 25 жыллығы алдынан Корея Республикасының «Autech Corpation» шөлкеми менен «Саламатлық-3» жойбары шеңберинде дүзилген келисим бойынша Қарақалпақстанға және 10 дана «Хюндай-амбуланс» автомашинасы келтирилди. Бул тез жәрдем автомашиналары Беруний, Караөзек, Кегейли, Мойнақ, Нөкис, Хожели, Шоманай, Елликқала, Тақыятас районлары ҳәм Нөкис қаласы медициналық бирлеспелерине берилди.

Усы мүнәсибет пенен Республикалық қыстаўлы тез жәрдем илимий орайының Нөкис филиалында өткерилген илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Хамраев ҳәм Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жумановлар қатнасып, тараў хызметкерлерин байрам менен қутлықлап, автотранспорт гилтлерин тийисли ўәкиллерге тапсырды.

– Тараўдың материаллық-техникалық базасын беккемлеў бағдарындағы илажлар барысында 2013-жылдан баслап усы күнге шекем республикамыздағы «Саламатлық-3» жойбарына киргизилген объектлерге улыўма баҳасы дерлик 20 миллиард сумлық заманагөй медициналық әсбап-үскенелер ҳәм техникалар, атап айтқанда, Япония мәмлекетинде ислеп шығарылған 6 дана «Ниссан» маркалы тез жәрдем автотранспортлары, 27 дана заманагөй рентген диагностика аппаратлары, 41 дана дигитайзер, 31 дана ультразвук  тексериў аппаратлары, 68 дана стоматологиялық үскенелер ҳәм басқа да керекли үскенелер келтирилди. Бул бағдардағы илажлар еле даўам етеди, – дейди Жәмийет саламатлығы ҳәм денсаўлықты сақлаўды шөлкемлестириў илим изертлеў институты Қарақалпақстан аймақлық бөлимшесиниң баслығы  Т.Рузметова.

Еслетип өтемиз, «Саламатлық-3» жойбары «Саламатлық-1-2» жойбарларының тиккелей даўамы есапланып, 2012-жылдан өз жумысын баслаған. Усы күнге шекем оның тийкарында республикамыздағы қала ҳәм районлардағы медициналық бирлеспелердиң халыққа көрсетип атырған медициналық хызметиниң сапасын арттырыў, жойбар тийкарында таңлап алынған жүрек қан тамыр, дем алыў жоллары кеселликлери, қантлы диабет, педиатрия сыяқлы бағдарларда медициналық хызметлерди жетилистириў, емлеўханаларда наўқаслар ушын қәнигелестирилген стационар ҳәм консультативлик-амбулаторлық жәрдем алыў мүмкиншилигин еле де күшейтиў, сондай-ақ, медициналық оқытыў системасын күшейтиў бағдарында айтарлықтай жумыслар әмелге асырылған.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.