Президенттиң «Математика тараўындағы билимлендириў сапасын арттырыў ҳәм илимий-изертлеўлерди раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық:
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы халықаралық сыйлығы шөлкемлестириледи. Сыйлық ҳәр еки жылда бир мәрте, үш бағдар бойынша бериледи.
Ҳәр бир бағдар бойынша сыйлық ийелерине мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан 50 мың АҚШ доллары эквивалентиндеги ақшалай сыйлық бериледи.
Соның менен бирге, қарар тийкарында Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Наманган, Самарқанд ҳәм Хорезм ўәлаятларында Өзбекстан Илимлер академиясының В.И.Романовский атындағы Математика институтының аймақлық бөлимлери шөлкемлестириледи.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.