2020-жыл 28-апрель күни Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңесине ағза мәмлекетлер денсаўлықты сақлаў министрлериниң видеоконференция түриндеги гезексиз мәжилиси болып өтти.

Илаж Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң усы жыл 10-апрель күни Түркий кеңестиң видеоконференция түринде болып өткен гезексиз саммитинде алға қойылған басламасы шеңберинде шөлкемлестирилди.

Мәжилисте Әзербайжан, Түркия, Өзбекстан, Қырғызстан, Қазақстан ҳәм Венгрия денсаўлықты сақлаў министрликлериниң басшылары, сондай-ақ, Түркий кеңес Бас хаткери ҳәм  Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң Европа регионаллық бюросының директоры қатнасты.

Тәреплер жаңа түрдеги коронавирус инфекциясын профилактикалаў ҳәм емлеў бойынша мағлыўмат ҳәм тәжирийбе алмасты. Пандемияға қарсы гүресте денсаўлықты сақлаў тараўында ҳәр тәреплеме бирге ислесиўдиң басқа тәреплери де көрип шығылды.

Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри Алишер Шодмонов илаж қатнасыўшыларына елимизде коронавирустың тарқалыўына ҳәм оның ақыбетлерине қарсы гүресиў бойынша алып берилип атырған илажлар ҳаққында толық мағлыўмат берди.

Тәреплердиң атап өтиўинше, пикирлесиў пайдалы болды ҳәм жаңа коронавирус ҳәм оны емлеўдиң әмелий усыллары ҳаққындағы билимлерди өз-ара байытыў имканиятын берди.

Сөйлесиўлерде өз-ара байланысларды жолға қойыў ҳәм усы сыяқлы илажларды турақлы түрде өткериў ҳаққында келисимге ерисилди.

 

ӨзА