Ҳәзирги күнде Қарақалпақстан Республикасы өсимликлер карантини аймақлық  инспекциясы тәрепинен атызлардағы зыянкеслерди алдыннан анықлап, оларға қарсы гүресиў илажларын ерте алып барыў мақсетинде   феромон тутқышлар орнатыў илажлары алып барылмақта.

Себеби, аўыл-хожалығында мол ҳәм сапалы өним алыўдың тийкарғы  факторларының бири оларды зыянкес, кеселлик ҳәм жабайы шөплерден қорғаў  болып есапланады. Бунда жоқары агротехникалық, биологиялық усыллардан,  феромон тутқышлардан ақылға уғрас пайдаланыў талап етиледи.

Дийқан-фермер хожалықларына ҳәм үй алды қыйтақ жерлерге феромон  тутқышлар орнатыў тийкарынан агроном-энтомолог ҳәм бақлаўшылар  тәрепинен  әмелге  асырылмақта.

– Бунда ҳәр бир феромон тутқыш белгиленген тәртип санына ийе  болып, оның нәтийжелери бақлаўшылар тәрепинен арнаўлы дәптерге жазып  барылады,-дейди инспекцияның Кегейли районы агроном-инспекторы  Азизбек  Алиев. – Феромон тутқыш алдыннан жыйналып бақлаў ушын ең дәслеп 10 гектарға 1 данадан, гүбелеклери уша баслағаннан соң 1 гектарға 2 данадан орнатылады. Оны самал бағыты бойынша орнатыў мақсетке  муўапық болады. Дәслеп 3 күнде бир, гүбелеги уша баслағаннан соң ҳәр күни  бақлап барып, оған түскен гүбелеклер саны арнаўлы дәптерге жазып барылады, гөнерип қалған желимли қағаз жаңасы менен алмастырылып  турылады. Мәйек салатуғын гүбелеклер тийкарынан таң азанда ҳәм кеште  ушады. Соның ушын, оларды кешки салқында орнатып, азанда бақлаў  өткериледи.

– Республикамыздың қала ҳәм районларындағы бағ атызларына ҳәм  қоймаханаларға жәми 420 феромон тутқышлар орнатылды,-дейди   инспекцияның ишки карантин бойынша жетекши агрономы Улуғбек  Жумамуратов. – Ҳәр бир феромон тутқышлар агроном-инспекторлар  тәрепинен ҳәр үш күннен  карантин бақлаўынан өткерилип барылмақта. Усы  қүнге шекем бул феромонларға 30 алма мийўехоры, 4 омбор күйеси  зыянкеслери түскенлиги анықланып, оларға химиялық усылда (Нурел-д, карбофос, карате) препаратлары менен қарсы гүресиў илажлары алып барылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.