КҮННИҢ ЖАҢАЛЫҒЫ  

                        

Қарақалпақстан Республикасы жуқпалы кеселликлер емлеўханасында коронавирус инфекциясынан 21 пуқара  толық саўалып, реабилитацияға жиберилди.

Бүгинги күнге емлеўханада коронавирус инфекциясынан 50 пуқара толық саўалып шықты. Қәнигелердиң атап өткениндей, олардан 15 пуқара Нөкис қаласынан, төрт пуқара Мойнақ районынан, еки пуқара қоңыратлы болып, барлығы коронавирусқа шалынғанлар менен сөйлесиў арқалы жуқтырған. Бул оларды емлеўде мәртлик ҳәм пидайылық көрсетип атырған шыпакер, мийирбийке ҳәм санитар хызметкерлердиң күни-түнги мийнетиниң нәтийжеси болып табылады.

photo_2020-04-27_19-12-45.jpg

photo_2020-04-27_19-12-41.jpg

-Жуқпалы кеселликлер емлеўханасына еки ақлығым менен келип едим,-дейди емленип шыққан мойнақлы пуқара.-Келген күни жағдайымды сөз бенен тәрийплеў қыйын. Ҳәзирги сынаўлы күнлерге қарамастан наўқасларды ўақтында емлеўге жаратылған шараятлар ушын Президентимизге шаңарағымыз атынан миннетдаршылық билдиремен. Усындай имканиятлардың нәтийжесинде саўалып шығып баратырмыз. Әсиресе, ақлымларының қуўанышы шексиз.

photo_2020-04-27_19-12-30.jpg

2.JPG

Қарақалпақстан Республикасы жуқпалы кеселликлер емлеўханасында шыпа таўып шығып атырған пуқаралардың саны күннен-күнге артып бармақта.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.