Коронавирустың кең түрде тарқалыўының алдын алыў бойынша  әмелге асырылып атырған илажлар шеңберинде мәмлекетимиздиң шегаралары арқалы пуқаралардың ҳәм айырым түрдеги транспорт қуралларының ҳәрекетлениўи тоқтатылды. Бирақ, экспорт ҳәм импортқа мөлшерленген товарлардың бажыхана хызметкерлери тәрепинен ҳеш қандай тосқынлықсыз бажыхана рәсмийлестирилиўинен өткерилиўи тәмийинленбекте.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, усы жылдың 16-марттан 10-апрель күнлери аралығында, жәми 43621 тонналық товарлардың экспорты әмелге асырылды. Сондай-ақ, 14112 тонналық товарлар импорт бажыхана режимине рәсмийлестирилди.

Усындай күнлерде өз жумысларын даўам етип, халқымызға сырт еллерден алып келинетуғын товарларды үзликсиз түрде жеткерип бериўде  үлес қосып атырған исбилерменлик субъектлерине ҳәр тәреплеме жәрдем бериў, оларды қоллап-қуўатлаўда бажыхана уйымлары ең жақын жәрдемшилери болмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында дүзилген оператив штаб хызметкерлери тәрепинен исбилерменлик субъектлериниң сыртқы саўда жүклерин республиканың шегара бажыхана постларынан алып өтиўинде пайда болған машқалалар тез үйренилип, оларды шешиў илажлары көрилмекте.

Атап айтқанда, жақында «Даўыт ата» шегара бажыхана постынан республика аймағы арқалы ҳәрекетлениўи ўақтынша тоқтатылған автотраспорт қуралларында мәмлекетимиздиң түрли аймақларында жумыс алып барып атырған еки исбилерменлик субъектиниң атына жүк алып өтилип атырған еди. Бул транспорт қуралларындағы жүклер Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасында шөлкемлестирилген штаб ҳәм «Даўыт ата» шегара бажыхана посты хызметкерлери тәрепинен, мәмлекетимиз аймағы арқалы ҳәрекетлениўи мүмкин болған ҳәм тийисли тәртипте санитариялық қадағалаўдан өткерилип, дезинфекцияланған автотранспортларға қайта жүкленип, мәнзилли бажыхана постларына жиберилген ҳалда оларға жәрдем көрсетилди.

Еслетип өтемиз, егер исбилерменлик субъектлери тәрепинен товарлар экспорты ҳәм импорты менен байланыслы машқалалар пайда болса, Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының +998-61-224-02-68 номерли исеним телефонына ямаса басқармада шөлкемлестирилген +998-61-224-90-86 номерли “Call center”ге мүрәжат етиўи мүмкин.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.