Мәмлекетимиз тәрепинен көрилип атырған барлық илажлар адамларымыздың кеселликти жуқтырып алмаўына, вируслы инфекцияның тарқалыўын тоқтатыўға қаратылған.

Президентимиз өз мүрәжатында, «…Медицина қанша раўажланған болса да, мәмлекет буған қаншадан-қанша қаржы ажыратпасын, адамларымыз шыпакерлердиң усынысларына әмел етпесе, тәртип-интизамлы болып, карантин қағыйдаларына бойсынбаса, барлық көрилип атырған илажларымыз, пандемияға қарсы гүресиў ушын жумыс алып барып атырған жүз мыңлаған пидайы инсанларымыздың мийнети зая кетиўи мүмкин».-деген еди.

Ҳақыйқатында да көплеген заманласларымыз, мейли ол медицина, ишки ислер, транспорт, билимлендириў, бажыхана хызметкери болсын яки исбилерменбе, ол карантин қағыйдаларына  бойсынып, үйинде отырма –ҳәммеси халқымыздың тынышлығы қәўипсизлиги жолында күн демей, түн демей мийнет етпекте.

Усы пикирлерден келип шығып, Өбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы барлық ўатанласларымызға, мийнеткешлерге, нураныйларға, ҳаяллар ҳәм жасларға «Қүдиретимиз – бирликте, биз жеңемиз» деген  мүрәжатын жоллады.

Мүрәжатта белгиленгениндей, бизиң тийкарғы ўазыйпамыз, «карантин» не екенлигин түсинген ҳалда үйде болыўымыз, жеке жуўапкер екенлигимизди сезиниўимиз, медицина қәнигелериниң усыныслары менен талапларына бойсыныўымыз, жасларымызға үлги болыўымыз керек. Әсиресе, ҳаял-қызларымыз, ең дәслеп ана, үйдиң уйытқысы сыпатында, үйимиздеги барлық ҳәрекет соларға байланыслы екенлигин терең түсинген ҳалда, қәўипсизлик талаплары менен қағыйдаларына әмел етиўи зәрүр.

Усындай қыйын күнлерде халқымызды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жәрдем бериў мақсетинде көпшилик қатарында кәсиплик аўкамлары да өз басламалары менен ҳәр түрли қайырқомлық жәрдемлерин шөлкемлестирмекте.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси хызметкерлери жәми 3663479,0 сум муғдардағы бир күнлик мийнет ҳақысын ықтыярлы түрде коронавирус инфекциясына қарсы гүресиў шеңберинде шөлкемлестирилген «Өзбекстан мийрим-шәпәәт ҳәм саламатлық» жәмийетлик қорына жәрдем сыпатында өткерип берди.

 

 

Соның менен бирге усы жәмийетлик қорға бир қатар кәсиплик аўқам белсендилери тәрепинен жеке өз есапларынан ықтыярлы түрде  2 млн. 110 мың сум қаржы өткерилип берилди.

Коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў ҳәм қарсы гүресиў, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў шеңберинде Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси  тәрепинен республикамыздың ең шетки аймақларында жасаўшы басқаның жәрдемине мүтәж 60 шаңараққа 9 млн. 800 мың сум әтирапында азық-аўқатлық өнимлер ҳәм жеке гигиеналық қорғаныў қураллары жеткерип берилди.

Сондай-ақ орынлардағы тараўлық кәсиплик аўқамлары шөлкемлери тәрепинен социаллық қорғаўға мүтәж 372 шаңараққа 53 млн. 237 мың сумлық азық-аўқатлық өнимлер алып берилди.

Кәсиплик аўқамлары тәрепинен қайырлы ислер даўам етпекте.

 

 

Барлық ҳаял-қызларды, карантин дәўиринде ҳүкиметимиз тәрепинен жаратылып берилген барлық имканиятлардан пайдаланған ҳалда қәўипсизлик талапларына ҳәм қағыйдаларына бойсынып, аўызбиршилик пенен шаңарақ ағзаларымыздың саламатлығын, елимиздиң тынышлығын беккемлеўге шақырып қаламан.

Себеби, аўызбиршилик бар жерге берекет дарыйды.

 

Гулнара Ильмурадова,

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары  Федерациясының Қарақалпақстан

 кәсиплик аўкамлары шөлкемлери бирлеспесиниң шөлкемлестириў

жумыслары бөлими меңгериўшиси.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.