2020-жыл 9-апрель ҳалатына Қарақалпақстан Республикасында коронавирусқа шалынған наўқаслар саны 16 адамды қурамақта. Бул ҳаққында ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги хабар берди.

 

Ҳәзирги ўақытта наўқасланғанлар Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында емленбекте. Олардың жағдайлары орташа дәрежеде.

 

Эпидемиологиялық тексериў жумыслары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги