Ҳәзирги ўақытта пүткил дүньяда қәўетерлениўшиликти пайда етип атырған коронавирус пандемиясы, тилекке қарсы, бизиң мәмлекетимизди де шетлеп өтпеди. Коронавирусқа қарсы гүресиў республикалық комиссиясыныӊ берген мағлыўматлары бойынша вирусқа шалынғанлардың саны 500 ден асты. Усындай қәўетерли ҳәм қыйын жағдайда ситуацияны басқарыў, вирус жүўенсизленип кетпеўи ушын оны жылаўлаўға қатаӊ тәртип-интизам арқалы ерисиледи. Буның ушын ҳәр биримиз медицина хызметкерлери тәрепинен көрсетилген жеке гигиенаны сақлаў, үйде болыў, адамлар көп жыйналатуғын орынларға бармаў, яғный өзимизди бөлеклеўимиз зәрүр.

Ҳүрметли Президентимиз усы жылы 3-апрель күни үшинши мәрте халыққа мүрәжат етип ҳәр бир пуқарадан карантин талапларын толық орынлаў, қәўетерлениўге жол қоймаў, келешекке исеним менен қараў зәрүрлигин уқтырып халқымыздың тарийхында буннан да қыйыншылықлы дәўирлер болғанын, бирақ бизиң дана ҳәм ақыллы халқымыз бундай сынаўлардан мәрдана өткенлигин еслетти.

Президентимиз өзиниң мүрәжатында үй шараятында билим алып атырған студентлер ҳәм оқыўшы жасларға қарата: «Әзиз перзентлерим! Үйде ўақытыңызды бийкар өткермең, онлайн сабақларды қунт пенен өзлестириң, китап оқың, билимиңизди асырың»-деп шақырық таслады.

Мәмлекетимиздеги басқа да жоқары оқыў орынлары сыяқлы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң барлық профессор-оқытыўшылар жәмәәти ҳәзирги ўақытта студентлерге ҳәр бир пән бойынша оқыў-методикалық қураллар – лекция текстлери, әмелий ҳәм семинар сабақлары бойынша тийисли материалларды жеткерип бермекте. Видеосабақлар шөлкемлестирилмекте. Мен де университеттиң профессоры сыпатында бакалавр бағдары студентлери ушын «Қарақалпақ тили тарийхы», магистратура басқышы магистрантлары ушын «Лингвистикалық тәлийматлар тарийхы», «Лингвофольклористика» пәнлери бойынша студентлер өзлестириўи зәрүрли болған материаллардыӊ электрон версияларын толық жеткерип бердим, видеолекциялар оқымақтаман. «Лингвокультурология» пәни бойынша жаңа оқыў қолланба жазып питкердим. Илимий журналларға еки мақала таярладым. Буны айтып атырғанымның баслы себеби жәмийетимиздиң ҳәр бир пуқарасы өзиниң миннетли ўазыйпаларына ҳәзирги күнде бурынғыға салыстырғанда үлкен жуўапкершилик пенен қараўы талап етиледи.

Президентимиз 3-апрель күни халыққа жасаған мүрәжатында қарақалпақ тилиндеги «аўызбиршилик» деген сөзди қолланып, аўызбиршиликли түрде карантинди жеңип өтетуғынымызға исеним билдирди. Президентимиз Қарақалпақстанға келип Шоманайда республика белсендилери менен ушырасыў пайытында да «Сизлерде «аўызбиршилик» деген сөз бар. Биз аўызбиршиликли болсақ мәмлекетимизде кең көлемли реформаларды табыслы түрде иске асырамыз» деген еди. Ҳақыйқатында да, «аўызбиршилик» сөзинде үлкен мәни бар. Ҳәзирги сынаўлы пайытларда мәмлекет тәрепинен енгизилген карантин талапларын бир аўыздан басшылыққа алып, ҳәр биримиз оны булжытпай орынласақ, коронавирустың кең тарқалыўына жол бермесек, қуда қәлесе тез күнде бәри орны орнына түседи.

Президентимиз өз мүрәжатында, бул сынаўлар ўақытша екенин, оның әлбетте өтип кететуғынын, биз бул сынаўлардан көп нәрсени үйренип, беккем ҳәм күдиретли болып тәжирийбе топлап шығатуғынымызға исеним билдирди. Президентимиздиң бул сөзлери халықтың руўхын көтерди, келешекке исенимин беккемледи, тез күнде бул ылаңды сапластыратуғынымызға исенимизди беккемледи. Биз, әлбетте, коронавирусты аўызбиршилик пенен жеңемиз!

 

 

Шамшетдин Абдиназимов,

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты,

Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессоры

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги