«Жәҳән әдебияты» журналының таңлаўы:

Коронавирус апатшылығы себепли инсаният Екинши жер жүзилик урыстан кейинги ең қыйын жағдайға дуўшар болмақта. Көрилген ҳәм көрилип атырған қатаң илажларға қарамастан, дүньяның жетекши мәмлекетлеринде кеселликке шалынып атырғанлардың саны артып бармақта.

Илимпазлар, қәнигелер, әсиресе, шыпакерлер адамлардың өмирин сақлап қалыў ушын көринбейтуғын жаў менен теңсиз саўашқа кирискен. Бул гүресте жеңимпаз болыўымыз ҳәр биримиздиң жүзеге келген бүгинги қурамалы жағдайды дурыс сезинип, мәмлекетимиз басшысының мүрәжатларында айтылған талапларға сөзсиз әмел етиўимиз, белгиленген ўақтыншалық қағыйдаларды бузбаўымыз, өзимизди, шаңарақ  ағзаларымызды, нураний ата-аналарымызды, әзиз перзентлеримизди вирус апатшылығынан сақлап қалыўымыз зәрүр. Буның ушын, үйде қалыўымыз, мақсетсиз көшеге шықпаўымыз, соның менен бирге, үйде өтетуғын ўақтымызды бос өткермеўимиз керек.

^йде қалыў азаннан кешке шекем көпшикте жанбаслап жатыў, дегени емес. Шаңарақ  ағзалары менен сөйлесиў, перзентлердиң тәрбиясы менен шуғылланыў, ақлықларға ертек китаплар оқып бериў, жәҳән ҳәм өзбек әдебиятының  сайланды шығармаларын оқып бериў, дөретиўшилик пенен шуғылланыў, жаңа шығармаларды дөретиў, мәмлекетимиздиң жәмийетлик-сиясий, мәдений-руўхый турмысында жүз берип атырған өзгерислерди бақлап барыў да жәмийетлик белсендиликке киреди.

Усы мүнәсибет пенен «Жәҳән әдебияты» журналының редакциясы үйде қалып атырған китапқумарлар – жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларының студентлери, жас педагог ҳәм муғаллимлер арасында «Пандемияны  илим ҳәм интизам менен жеңемиз» сүрени менен арнаўлы таңлаў жәриялайды.

Таңлаўда қатнаспақшы болғанлар төмендеги жети сораўға анық мысаллар менен пикир-таласлы жуўап жазып, журнал редакциясына жибериўи зәрүр:

  1. Журналымызда 2018-2019-жыллары жәрияланған қайсы шығармаларды оқыдыңыз ҳәм олардан қандай тәсир алдыңыз?
  2. Журнал менен дөретиўшилик бирге ислесиў тилегиңиз бар ма?
  3. Журналға 2020-жыл ушын жазылдыңыз ба? Жазылыў қай жерде рәсмийлестирилген?
  4. Жеке китапханаңызда қандай шығармалар бар? Олардан досларыңыз да пайдалана ма?
  5. Усы күнлерде қайсы китапты оқыдыңыз ямаса оқып атырсыз?
  6. Китап оқыў ушын қайсы китапханаға ағза болғансыз?
  7. «Жәҳән әдебияты» журналында белгили әдебиятшылардың қайсы шығармаларының аўдармасын оқыўды қәлейсиз?

Жуўаплар 2020-жыл 1-июньға шекем қабыл етиледи.

Ең жақсы жуўаптың ийеси материаллық хошаметленеди:

1 биринши орын – 1 000 000 сум.

2 екинши орын – 500 000 сумнан.

3 үшинши орын – 300 000 сумнан.

5  хошаметлеўши сыйлық – «Жәҳән әдебияты» журналына жыллық жазылыў.

Жуўаплар журналдың төмендеги электрон мәнзилинде қабыл етиледи: E-mail:jahonadabiyoti@list.ru

«Жәҳән әдебияты» журналы редакциясы.

–0–