Ҳәзирги ўақытта дүнья мусылман мәмлекетлериниң тәжирийбесинде марҳумның денесин жуўыў, кепинлеў ҳәм жерлеў мәресими санитар хызметкерлер жәрдеминде шәрият қағыйдаларына муўапық түрде орынланбақта. Усы әмеллерди орынлаўда марҳумның жақынлары қатнасып атырғаны жоқ. Марҳумның жақын ағайин-туўысқанлары тек ғана жаназа оқыўға қатнаспақта.

 

Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен өз ара кеңесип, карантин жағдайында марҳумның денесин имканы болғанынша шәриятымыз көрсетпелерине муўапық жуўыў, кепинлеў ҳәм жерлеўге ҳәрекет етиледи. Бул процесте Өзбекстан мусылманлары басқармасының ўәкили қатнасады. Бул ҳаққында басқарманың Пәтўа комиссиясы мәлим етти.

 

Онда жазылыўынша, коронавирус кеселлиги болған марҳумды жерлеў мәресимин тек ғана оның жақын ағайин-туўысқанларының ўәкиллери қатнасыўында орынлаў керек.

Жерлеў мәресиминде қатнасыўшылар медициналық көрсетпелерге әмел етиўи, атап айтқанда, нықаплар ҳәм қолғаплардан пайдаланыўы және мәресимнен соң карантин талаплары тийкарында дезинфекция ҳәм жеке гигиеналық әмеллерди орынлаўы керек.

Атап өтиў керек, жаназа, жерлеў ҳәм кеўил айтыў мәресимлерин ықшам тәризде өткериў менен бирге, эпидемия және карантин дәўириндеги талаплар, соның ишинде, гигиеналық қағыйдаларға қатаң түрде әмел етиў керек болады. Сондай-ақ, арнаўлы комиссияның қарары тийкарында қатаң шекленген қурамда өткериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.