Елимиз өз ғәрезсизлигине ерискеннен соң  экономикамыз жедел пәтлер менен раўажланып, халық хожалығы тараўлары қатарында нефть ҳәм газ санааты саласында да жер асты пайдалы қазылма байлықларын изертлеў ҳәм қазып алыў ислери жаңа басқышқа көтерилди. Бунда Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң усы жыл 2-февральдағы «Өзбекистан Республикасы Үстирттеги нефть ҳәм газ кәнлери бар регионында геологиялық излеў жумысларын кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы Қарары ҳуқықый тийкар болып хызмет етпекте.

Усы ҳүкиметлик қарарға муўапық жумыслар еки басқышта алып барылады. Биринши басқышта быйылғы жылы төменги Арқа–Бердақ, төменги  Сүргил майданларында екеўден және Дәрья майданында бир скважиналарда кән геофизикалық изертлеў жумыслары алып барылды. Екинши басқышта 2018-2019-жыллары биринши басқышта әмелге асырылған сейсмоизлеў жумысларды 2Д ҳәм 3Д, электро излеў усылы менен басқышпа-басқыш бураўлаў ислерин алып барыў ҳәм қосымша 51 қудықта излеў жумысларын жуўмақлаў нәзерде тутылған. Буған, әлбетте, сырт ел компаниялары да өз инвестициялары менен қатнасып, ҳәзирги ўақытта республикамыздың Үстирт тегислигинде және Арал бойы аймақларында геофизикалық излеў ҳәм изертлеў жумыслары алып барылмақта.

Қысқаша тарийхқа нәзер таслайтуғын болсақ, «Үстирт геофизика экспедициясы» филиалы өткен әсирдиң 1962-жылы ашылып, соннан берли Үстирт тегислигинде ҳәмде Арал бойы майданларында  геофизикалық усыллардан – гравиметрия, магнитометрия, электроизлеў, сейсмоизлеў жумыслары алып барылмақта. Нәтийжеде Шығыс Үстирт тегислиги майданларының  геологиялық дүзилисин, тектоникалық элементлерин ҳәм локал структураларын үйренип шығыўға, сондай-ақ, региондағы нефть ҳәм газ байлықлары бар майданларды анықлаўға ерисилди. 1964-жылы Шахпахты газ кәни ашылып, ҳәзирги ўақытта бул жерде углеводород (газ) өнимлери қазып алынбақта. Кейинги жылларда Қуўаныш ҳәм Ақшолақ кәнлери ашылды. Усы өткен дәўирде  филиалымыздың материаллық-техникалық базасы беккемленип, штатлар кестесиде кеңейди ҳәм жоқары мағлыўматлы тәжирийбели жергиликли маман қәнигелер менен толықтырылды. Сейсмоболжаў, излеў ҳәм изертлеў жумыслары сырт еллерден алып келинген заманагөй компьютерлескен үскенелер жәрдеминде алып барылмақта.

Ҳәзирги ўақытта жәмәәтимизде 420 дан аслам адам мийнет етеди. Олар тийкарғы ислеп шығарыў ҳәм жәрдемши ислеп шығарыў топарларына бөлинип жумыс ислейди. Ислеп шығарыў топарында бир кән-геофизика партиясы ҳәмде үш дала партиясы геофизикалық изертлеў жумысларын алып барады. Геология топары хызметкерлери дала партиясы материаллары қайта ислеп шығылғаннан соң оларға таяанып, сейсмоқыдырыў жумыслары алып барылған майданлардың шуқырлық карталарын ислеп шығады.

Бул карталарда углеводород өнимлери болыўы мүмкин болған майданлар көрсетиледи. Кән-геофизика партияси хызметкерлери бураўланып атырған ҳәмде бураўланған қудықларда геофизикалық изертлеў жумысларын алып барады. Исленген жумыслар нәтийжесинде газ ҳәм конденсат кәнлери ашылыўына тийкар салады. Жәрдемши ислеў топарына автотранспорт бөлими, қурылыс бөлими ҳәмде ыссылық  жеткерип бериў бөлими хызметкерлери өз мийнетлери менен үлесин қосады.

Филиалымызда үш сейсмопартия Үстирт тегислигинде ҳәм Арал бойы аймағында Россияның «Саратовнефтегеофизика», «ПетроАльянс», «Лукойл», Корея Республикасының «КОГАЗ», Қытай Халық Республикасының «BGP», «CNPC», Чехия Республикасының «ERIELL» компаниялары менен биргеликте жер асты байлықларын излеў ҳәм изертлеў жумысларының алып барылыўы нәтийжесинде Джел ҳәм Батыс Арал кәнин ашыўға миясар болдық. Бул өз гезегинде елимизде жанылғы энергетикасы көлеминиң өсиўине алып келди. Соңғы бес жыл даўамында бес жер асты газ ҳәм газ конденсат байлығына ийе – Сайхун, Тиллалы, Арыслан, Инам ҳәм Қызыл Шалы кәнлери ашылды. Өткен жылы Бесқала майданы бурғылаўға тапсырылған болып, бураўлаў нәтийжесинде быйылғы жылы усы қудықтан да газ конденсаты алынып Бесқала кәниниң ашылыўына ерисилди.

Бүгинги күнде Үстирт тегислиги гиддиман қурылыс майданына айланды десек, асыра айтқан болмаймыз. Усы жерде елимиздиң Биринши Президенти И.Кәримов Үстирт тегислиги дүньядағы экономикасы бай ҳәм санааты раўажланған регионлар қатарынан өзиниң ылайықлы орын ийелегенин бийик минберлерде қайта-қайта айтатуғын еди. Ҳақыйқатында да үстирт тегислигиниң қула майдан шөлзар даласында жаздың қатты ыссысы ҳәм қыстың қаҳаман суўықларында көплеген санаат ҳәм өндирислик кәрханалар ашылып, халық хожалығы тараўы ушын үлкен әҳмийетке ийе болған шийки зат ҳәм таяр өнимлер сондай-ақ, углеводородлар сырт еллерге экспорт етилмекте. Буған мысал ретинде ^стирт тегислигинде де заманагөй техникалар менен тәмийинленген ^стирт газ-химия комплексиниң иске түскенин айтып өтсек болады. Бул комплексте газ ҳәм конденсат шийки зат өнимлери қайта исленип, санаат ҳәм өндирислик кәрханалар ушын өним ислеп шығарылмақта.  Бул табысларды қолға киргизиўде филиалымыз мийнет жәмәәтиниң де үлеси салмақлы болды.

Атап айтқанда, Б.Д. Дарибаев, Ш.Ж. Уразметов, М.С. Реймов, М.С. Сисенбаев, К.Е. Матмуратов, К.Ю. Кенжаев, Е.Н. Бекниязов ҳәм басқа да мийнет алдынғыларының орны гиреўли.

Ғәрезсизлик жылларында хызметкерлеримиздиң мийнетлери ҳүкиметимиз тәрепинен ылайықлы баҳаланып, 9 адам Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына мийнети сиңген санаат хызметкери, орден ҳәм медальлар сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң Ҳүрмет жарлықларын алыўға миясар болды.

Пурсаттан пайдаланып, гүллән республика халқын ҳәм жәмәәтимиз ағзаларын кирип киятырған елимиз Конституциясының 25 жыллығы ҳәм Жаңа 2018-жыл менен шын жүректен қутлықлайман, жумысларында табыслар, шаңарақларына аман-есенлик, елимизге тынышлық тилеймен.

 

Гамлет УЛПЕТОВ,

«Ўзбекгеофизика» АЖ «Үстирт геофизика

экспедициясы» филиалы директоры,

Өзбекистан Республикасына мийнети

 сиңген санаат хызметкери,

«Шухрат» медалы ийеси