Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 18-март күни Қазақстан Республикасы  Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиўде ҳәзирги эпидемиологиялық жағдай ҳәм  еки мәмлекетте коронавирус инфекциясы  тарқалыўының алдын алыў бойынша көрилип атырған кең көлемли илажлар ҳәр тәреплеме додаланды.

Бул пандемияға қарсы нәтийжели гүресиў ҳәм итималлығы бар ақыбетлерди азайтыў мақсетинде жақыннан бирге ислесиўди даўам еттириў ҳәм өз-ара муўапықласқан ҳәрекетлерди әмелге асырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Өзбекстан Республикасы ҳәм Қазақстан Республикасы Президентлери еки тәреплеме бирге ислесиўге байланыслы ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелерди де көрип шықты. Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди өз ўақтында әмелге асырыў әҳмийетли екенлиги айрықша атап өтилди.

Сөйлесиў соңында мәмлекет басшылары жақынласып киятырған бәҳәр, жаңаланыў ҳәм жасарыў байрамы – Наўрыз мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлады.

Президентлер туўысқан Өзбекстан ҳәм Қазақстан ҳалықларына тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеп, жаңа қәўип-қәтерлерди тез ўақытта сапластырыў жолында биргеликте ҳәрекет етиў бағдарында умтылыслары исенимли екенин тастыйықлады.

 

ӨзА