Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2020-жыл 6-марттағы «8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыста белсене мийнет етип атырған, жасларды Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, миллий, улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында саламат ҳәм бәркамал етип тәрбиялаў жумысына үлкен үлес қосып киятырған бир топар ҳаял-қызлар ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинде мәмлекетимиздиң жоқары атақларына ийе болған өндирис тармақлары, исбилерменлик, илим, тәлим-тәрбия, денсаўлықты сақлаў, мәденият, көркем өнер ҳәм басқа да тараўларда жемисли мийнет етип атырған бир топар ҳаял-қызларға Президентимиздиң атынан мине усы сыйлықлар салтанатлы түрде тапсырылды.
Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Арипов мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў, экономикалық, жәмийетлик ҳәм сиясий белсендилигин арттырыў, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў ҳәм мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий турмысындағы орнын арттырыўға айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтти.
Ҳақыйқатында да, бүгин мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың перзентлеримизди миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында саламат ҳәм руўхый жақтан бәркамал етип тәрбиялаў, алып барылып атырған кең көлемли реформаларды табыслы әмелге асырыў, халықтың абаданлығын арттырыў бағдарындағы үлкен хызметлери мүнәсип тән алынбақта.
Илажда шығып сөйлеген ҳаял-қызлар мәмлекетимиз тәрепинен көрсетилип атырған бундай жоқары итибар ҳәм ғамқорлықтан қуўанышлы екенин атап өтти.
– Президентимиздиң пәрманы менен мәмлекетимиздиң жоқары сыйлығына мүнәсип көрилдим, – деди II дәрежели «Соғлом авлод учун» ордениниң ийеси, Бухара ўәлаяты Вобкент районындағы «Бәркамал әўлад» балалар мектебиниң директоры Роҳат Ҳаитова. – Бул мен ушын шексиз қуўаныш ҳәм мақтаныш. Мендей әпиўайы ҳаялға, муғаллимге кишигирим хызметлерин қәдирлеп, ҳүрмет көрсетилгени үлкен бахыт. Усы сыйлық мени тараўда және де тынымсыз мийнет етиўге, перзентлеримизди саламат ҳәм бәркамал етип тәрбиялаўға жуўапкершилик пенен қатнас жасаўға ийтермелейди.
Абдулазиз МУСАЕВ,
ӨзАның хабаршысы