Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының екинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.
Сенат баслығы Танзила Норбоева басқарып атырған мәжилисте сенаторлар, министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнаспақта.
Мәжилис күн тәртибине 17 мәселе киргизилген. Көрилетуғын мәселелерден 9ы нызам болып, олар арасында «Өзбекстан Республикасының пуқаралығы ҳаққында», «Халықты дизимге алыў ҳаққында», «Метрология ҳаққында», «Халықаралық коммерциялық арбитражы ҳаққында»ғы нызамлар бар.
Сондай-ақ, ишки ислер, сыртқы ислер министрлериниң мәлимлемеси тыңланады.
Буннан тысқары, Сенат ўәкиллигине киретуғын басқа да мәселелер көрип шығылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги