Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети «Олима» аўқамы Қарақалпақстан Республикалық бөлими менен биргеликте «11-февраль – Халықаралық илимпаз ҳаял-қызлар күни» байрамы мүнәсибети менен семинар-тренинг өткерилди.

Илажды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров ашып берди.

Семинар-тренингди «Олима» аўқамы Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы Т.Өсербаева басқарып барды.

Соңғы жыллары елимизде ҳаял-қызлардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўдағы белсендилигин арттырыў, әсиресе, илимий изертлеў жумысларында ҳаял-қызлар басламаларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.

Илимий изертлеў жумысларында ҳаял-қызлардың тутқан орны жыл сайын артып бармақта. Атап айтқанда, 2018-жылы Қарақалпақстан бойынша илимий дәрежеге ийе 89 илимпаз ҳаял-қызлар жумыс алып барған болса, бул көрсеткиш 2019-жылға келип 214 ке жетти. Олардың 20 сы илим докторлары болып табылады.

Усы бағдарда өз белсендилигин көрсетип атырған илимпаз ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, ҳәр тәреплеме хошаметлеў мақсетинде ҳәр жылы «Илим ғумшалары», еки жылдан бир мәрте «Илим жулдызлары» республикалық илимий-әмелий конференциялар өткерилип келинбекте.

– Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында улыўма 267 илимпаз ҳаял-қыз профессор-оқытыўшы жумыс алып бармақта. Олардың 75 и илимий дәрежелерге ийе болып, бул бойынша көрсеткишимиз 30% тен асламды қурайды, – дейди институттың «Олима» аўқамы баслығы А.Пирниязова. – Институтта ҳаял-қызлар қатнасыўында илимий жумысларды кеңнен алып барыў, шәкиртлер таярлаў мәселелерине де айрықша итибар қаратылған. 2019-жылдың декабрь айының өзинде 5 ҳаял-қыз оқытыўшымыз илим докторы дәрежесин алыўға еристи.

Илажда Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы, Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалының «Олима» аўқамы баслықлары, Өзбекстан Илимлер академияси Қарақалпақстан бөлими ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми ўәкиллери илимий изертлеўлерде ҳаял-қызлардың орнына айрықша тоқтап өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитетинен ўәкиллер қатнасты.

Семинар-тренинг өз-ара пикир алмасыўлар, сораў-жуўаплар менен даўам етти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.