Президент Шавкат Мирзиёев илимпазлар, илимий изертлеў мәкемелериниң басшылары ҳәм өндирислик сектор ўәкиллери менен ушырасыў өткерди.

Президент илимпазлар менен ушырасыўында математика илиминиң әҳмийети ҳаққында айтып, жасларды усы илимге қызықтырыўды күшейтиў бойынша ўазыйпаларды белгилеп берди.

– Математика барлық анық илимлердиң тийкары. Бул пәнди жақсы билген бала ақыллы, ойлаў шеңбери кең болып өседи, қәлеген тараўда нәтийжели жумыс ислеп кетеди, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Ҳәр бир район орайында биреўден математика пәнине қәнигелескен мектеп шөлкемлестирилип, оларда ислейтуғын муғаллимлерге қосымша үстеме ҳақылар төлеў бойынша көрсетпе берилди. Усы мәкемелерде оқыў процесин илимий-методикалық жақтан тәмийинлеў ушын Илимлер академиясының Математика институты және Халық билимлендириў министрлиги жуўапкер етип белгиленди.

Математика пәни бойынша оқыўшы, студент ҳәм муғаллимлер арасында ҳәр қыйлы таңлаўлар өткерип, жеңимпазларды мүнәсип хошаметлеў, олимпиада системасын жетилистирген ҳалда сыйлы орын ийелерине берилетуғын сыйлықларды көбейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.