Бүгин, 31-январь күни Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев Ташкент қаласындағы Алымлар көшесиндеги илимий изертлеў институтларына барды.
Мәмлекетимиз басшысы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети системасындағы 4 мәкеме – Геология ҳәм геофизика институты, Гидрогеология ҳәм инженерлик геологиясы институты, Минерал ресурслар институты, Нефть ҳәм газ кәнлери геологиясы ҳәм излеў институтлары тийкарында шөлкемлестирилип атырған Геология илимлери университетиниң ирге тасын қойды.
Бул мәкеме билимлендириў ҳәм илим кластери тәризинде болады. 4 институттың материаллық-техникалық базасы ҳәм илимий кадрлар потенциалы бирлестирилип, ең алдынғы үскенелер менен тәмийинленеди. Санкт-Петербург таў-кән университети ҳәм басқа абырайлы дәргайлар менен биргеликте билимлендириў бағдарламасы жолға қойылады.
Мәмлекетимиз басшысы университет қурылысына байланыслы жойбарлар менен танысты. Оқыў имаратлары ҳәм лабораторияларды сырт ел тәжирийбеси және кәсип спецификасынан келип шығып қурыў, майданлардан нәтийжели пайдаланыў бойынша көрсетпелер берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги