Бүгинги күнде салық уйымлары исбилерменлик субъектлерин қадағалаўшы емес, ал инсаплы исбилерменлик субъектлерине жәрдемлесиўши уйым сыпатында жумыс ислемекте.

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик салық комитети ҳәм оның аймақлық басқармаларында орнатылған «Исеним телефоны» хызмети ҳәр күни 24 саат даўамында салық төлеўшилердиң мүрәжатларын қабыл етиў, тараўдағы нызамбузыўшылықларға өз ўақтында мүнәсибет билдириў, сапластырыў ҳәм алдын алыў мақсетинде ислеп келмекте.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасындағы «Исеним телефоны» арқалы өткен жыл даўамында 424 мүрәжат келип түсти. Усы мүрәжатлардың жетеўи юридикалық, 417си физикалық тәреплерден келип түскен мүрәжатлар болып есапланады. Олардың барлығы тийисли тәртипте көрип шығылмақта.

Еслетип өтемиз, мәмлекетлик салық комитетиниң Call – орайы (202-32-82, қысқа номерли 1198), сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының (361) 222-00-33 телефон номерлери ҳәм аймақлық мәмлекетлик салық инспекцияларының «Исеним телефон»лары ислеп келмекте.

Исбилерменлик субъектлериниң жумысларына тийкарсыз түрде тосқынлық етиў бойынша жағдайлардан хабар тапсаңыз төменде көрсетилген «Исеним телефон»ларына мүрәжат етиўиңизди сораймыз.

Нөкис қаласы 222-00-66

Әмиўдәрья районы 515-49-02

Беруний районы 524-94-60

Кегейли районы 412-16-57

Қоңырат районы 312-21-39

Қанлыкөл районы 332-11-00

Қараөзек районы 465-54-13

Мойнақ районы 322-25-56

Нөкис районы 226-40-66

Тахтакөпир районы 435-24-79

Төрткүл районы 532-31-21

Хожели районы 554-14-63

Шымбай районы 444-11-18

Шоманай районы 346-20-79

Елликқала районы 585-26-37

Тақыятас районы 572-54-87

Әлбетте, салық хызмети нызам шеңберинде жумыс ислеп атырған исбилерменлик субъектлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап, жәрдем көрсетиўге ҳәм хызмет етиўге таяр. Себеби, салық хызмети – ҳүжданлы салық төлеўшилердиң исенимли бирге ислесиўшиси болып есапланады.

 

Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы мәлимлеме хызмети

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.